Президент Шавкат Мирзиёев 13-сентябрь күни электрон ҳүкиметти раўажландырыў илажларына байланыслы презентация менен танысты.

Елимизде мәмлекетлик басқарыў, экономика тармақлары ҳәм социаллық хызметлер жедел санластырылмақта. Жақында қабыл етилген «Өзбекстан- 2030» стратегиясында бул бағдардағы перспективалар белгиленип, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң электрон ҳүкимет рейтингинде ТОП-30лыққа кириў ўазыйпасы қойылды.

Бизге белгили, бул рейтинг (e-Government Development Index) мәмлекетлерде тараўдың раўажланыўын көрсетиўши халықаралық индекс болып есапланады. Оның әҳмийетли тәрепи, халық ҳәм мәмлекет арасында электрон қарым-қатнасты кеңейтиў, хызметлерди қолайластырыў, мәмлекеттиң инвестициялық тартымлылығын арттырыўға хызмет етеди. Соңғы жыллары онда Өзбекстанның орны избе-из көтерилип, өткен жылы 69-текшеде дизимге алынған.

Рейтингте жоқары 30 мәмлекет қатарына кириў ушын сырт ел экспертлери қатнасыўында, халықаралық методология тийкарында 6 бағдар бойынша 53 илаждан ибарат «жол картасы» ислеп шығылды. Онда онлайн хызметлер бойынша 112 көрсеткишти жақсылаў, 2024-жылы 700 санлы хызметти иске қосыў ҳәм барлығын my.gov.uz ға жыйнаў, елатлы пунктлерди ҳәм автомагистраль жолларды жоқары тезликтеги интернет пенен тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.

Бул процесслерди илимий-ҳуқықый тәмийинлеў, бирге ислесиўшилер менен ислесип, кемшиликлерди сапластырып барыў мақсетинде «Санлы Өзбекстан – 2030» стратегиясы бойынша комиссия жанында Жойбарлаў офиси шөлкемлестирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, онлайн хызметлерди ҳәм жоқары технологиялар тараўында инсан капиталын раўажландырыў бойынша көрсетпелер берди. Санлы технологиялар министрине БМШ Департаментине (UNDESA) таныстырып, Өзбекстанның рейтингтеги орнын жақсылаўды тийкарлаў тапсырылды.

ӨзА