Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мирәт етиўине бола 14-15-сентябрь күнлери Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық қорының саммитине қатнасыў ушын Душанбе қаласында болады.

Орайлық Азия мәмлекетлери жетекшилериниң бесинши ушырасыўы күн тәртибинен регионда көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, саўда, инвестициялар, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм экология тараўларындағы қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў ҳәм қәўипсизлик тараўындағы заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы илаж көриў мәселелери орын алған.

Аралды қутқарыў халықаралық қорының шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшыларының бул бирлеспе дүзилгениниң отызыншы жылында өткерилетуғын юбилей мәжилисинде суў ресурсларын басқарыў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў бағдарындағы регионаллық шерикликтиң әҳмийетли тәреплери ҳәм қордың жумысын және де жетилистириў мәселелери көрип шығылады.

Илажлар жуўмағында бир қатар көп тәреплеме ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи режелестирилген.

ӨзА