Усы жылдыӊ 12-сентябрь күни халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңесиниң гезексиз алпыс төртинши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.



Сессияда Хожаметов Сабир Жаббарберганович Әмиўдәрья районы ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланды.

С.Хожаметов мийнет жолы даўамында аўыл хожалығының түрли лаўазымларында жемисли мийнет етти. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетинде жуўапкерли лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барды.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы А.Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.


Қарақалпақстан хабар агентлиги