Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси өз жумысын баслады.

Мәжилисти кирис сөз бенен ашқан Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов ғәрезсизлигимиздиң 32 жыллығы кеңнен белгиленгени, ғәрезсизлик алдында репрессия қурбанларын еслеў мәресими өткерилгени ҳәм мәмлекетимиз басшысының Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде атап өтилген үлкен нәтийжелерге тоқтап өтти:

– Мәмлекетимиз басшысы Шейитлер естелиги қыябанында репрессия қурбанларын еслеў мәресиминде жадидлер өмирин ү      йрениў, наҳақ репрессияға ушырағанлардың естелигин мәңгилестириў, олар жасаған мәҳәллелерде атларын белгилеп қойыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимде Президентимиз шығып сөйледи. Фракциялар мәжилислеринде усы шығып сөйлеўден келип шығатуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.

Мәмлекетимиз басшысы байрамдағы шығып сөйлеген сөзинде ўатан азатлығы жолында гүрескен, наҳақ айыпланып, бул дүньядан әрман менен кеткен ўатанласларымыздың пәк атларын тиклеў бағдарында соңғы үш жылда олардың 856 сы ақланғанын айрықша атап өтип, бундай ийгиликли ислер даўам ететуғынлығын билдирип өтти.

Сондай-ақ, байрамда шығып сөйлеген сөзинде көплеген бағдарлар, ерисилген нәтийжелерге тоқтап өтилди. Илим, билимлендириў, IT тараўларын раўажландырыў, бул тараўлар Өзбекстан экономикасының локомотивине айланатуғыны атап өтилди.

М.Комилова,

ӨзА