4-май күни республикалық мәлимлеме-ресурс орайы балалар китапханасында Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы  «Қарақалпақ әдебияты» газетасы редакциясы менен биргеликте Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, талантлы шайыр, «Қарақалпақстан таңы» газетасының бас редакторы  Назира Матякупованың  өзбек тилиндеги «Онажонгинам» жаңа қосықлар топламын таныстырыў илажы өткерилди.

Илажға республикамыздағы белгили жазыўшылар, шайырлар, поэзия ықласбентлери, жас дөретиўши жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Шайырдың бул қосықлар топламы әдиўли анасы Айсара Қилич қызының муқаддес естелигине арналған болып, китап «Адабиёт учқунлари» баспасында, Ташкент қаласында шықты.

Н.Матякупованың 1993-жылы өзбек тилинде «Кўзлари шахлогинам»,  1994-жылы «Ардоқли оқсоқол» (публицистика), 1998-жылы «Қалбим тўла саломдир», 2007-жылы «Тоғлар ишқи», 2003-жылы қарақалпақ тилинде «Ким ушындур керекпен», атамасындағы китаплары баспадан шықты.

Шайырдың  «Онажонгинам» жаңа қосықлар топламында «Онамни ёнимга ўтқазиб қўйиб», «Онанг сени кўргани келар», «Мен онамга ўхшашим учун», «Онамнинг тунлари», «Онам дастурхони», «Худди онам келедигандек» ҳәм тағы басқа да қосықлары орын алған.

Илаж қатнасыўшылары китапта ана образы арқалы перзенттиң өз анасы алдындағы парызы, ата-анаға болған ҳүрмет-иззет, ана тәбияты ҳәр тәреплеме көркем ҳәм жетик жырлағыны ҳаққында пикир-усынысларын билдирди.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы