8-май күни пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде белбеўли гүрес бойынша 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен  20032004-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткериледи.

Чемпионатқа жас өспиримлер 32, 35, 38, 42, 46, 50, 55, 60, 65, 71, +71 кг салмақ категориясында, қызлар 40, 44, 48, 52, 57, 63, +63 кг салмақ категориясында қатнасады.

Чемпионатты өткериўдеги тийкарғы мақсет-республикамызда спорттың белбеўли гүрес түрин буннан былай да раўажландырыў, оның ғалабалығына ерисиў ҳәм күшли спортшыларды сайлап алып, сайланды команда қурамына муўапықластырыў, Өзбекстан көлеминде өткерилетуғын жарысларға таярлық көриў ҳәм белбеўли гүрес түрин үгит-нәсиятлап, жасларды нәшебентлик, терроризм сыяқлы жаман иллетлерден қорғап, бос ўақытын мазмунлы өткериўден ибарат.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 100 ден аслам спортшылар қатнасыўы күтилмекте.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

Бул ҳаққында ҳәр тәреплеме, толық мағлыўмат берип барамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги