Бүгин  – Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 26 жыллық байрамы қарсаңында елимиздиң барлық аймақларында Биринши Президентимиз, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Әбдиғаниевич Кәримовты еслеў илажлары болып өтти.

Миллий үрп-әдетлеримизге бола усы мәресимлерде елге ас берилди. Биринши Президентимиздиң естелигине Қуран оқылды.

Ташкент қаласында болып өткен әне усындай мәресимде мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Еслеў илажларында ўатанласларымыз, кең жәмийетшилик ўәкиллери Ислам Кәримовтың ғәрезсиз Өзбекистан мәмлекетин қурыў бағдарындағы уллы хызметлерин және бир мәрте еске алды.

Халқымыз өзиниң ғәрезсизлик жылларында ерискен барлық дәбдебели табыслары менен нәтийжелерин ҳақылы түрде Биринши Президентимиздиң аты ҳәм оның жумысы менен үзликсиз байланыслы, деп биледи. Ислам Кәримов тек ғана Өзбекистанда емес, ал дүнья көлеминде де үлкен ҳүрмет пенен абырой-мәртебеге ийе болған шахс ҳәм ғайраткер сыпатында танылған еди.

Ислам Кәримов 1991-жыл 31-августь күни Ўатанымыз ғәрезсизлигин жәриялады ҳәм оғада қәўип-қәтерлерге толы бир жағдайда аўыр қыйыншылықлар менен сынақларға қарамастан, қысқа тарийхый дәўирде Өзбекистанды жедел ҳәм турақлы пәтлер менен раўажланып атырған заманагөй демократиялық мәмлекетке айландырды.

Ислам Әбдиғаниевич өз жумысының, пүткил аңлы өмириниң мазмун-мәниси болған «Бизден азат ҳәм абат Ўатан қалсын!» деген ийгиликли идеяны алға қойды ҳәм бул сүрен бәримиздиң, пүткил халқымыздың жүрегинен терең орын алды. Уллы Жолбасшымыз әне усы уллы ўазыйпаны бәрқулла, ҳәр қандай жағдайда да беккем ерк-ықрар менен орынлады, бул жолда теңсиз күш-ғайраты менен ақыл-зейнин, лазым болғанда, ҳәттеки, әзиз жанын да аямады. Ол өмир бойы «Елим деп, журтым деп жанып жасаў керек» деген шақырыққа әмел етип, келешек әўладлар ушын уллы ибрат мектебин жаратып кетти.

Көп миллетли Өзбекистан халқының жүрегинен терең орын алған Биринши Президентимиздиң сөнбес естелигин мәңгилестириў бойынша өткен дәўир ишинде елимизде үлкен жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтың Биринши Президентимиздиң тулғасы сүўретленген мүсинлерди дөретиў, уллы Жолбасшымыздың естелигин мәңгилестириў, Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексин шөлкемлестириў бойынша әҳмийетли қарарлары қабыл етилди.

Елимизде Ислам Кәримов атындағы Республикалық қайырқомлық жәмийетлик фонды дүзилди. Халқымыздың шын жүректен билдирилген тилеклери менен ерк-ықрарынан келип шығып, елимиздеги ири мәкемелер менен объектлер, Қарақалпақстан Республикасындағы, Ташкент қаласы менен ўәлатлардағы орайлық көшелерге Ислам Кәримовтың аты берилди.

Жақын ўақыт ишинде пайтахтымыздағы Ақсарай резиденциясында Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық мемориаллық комплекс, Самарқанд қаласындағы Ислам Кәримов жерленген аймақта мавзолей, сондай-ақ, Ташкент, Самарқанд, Қаршы қалаларында Биринши Президентимиздиң саўлатлы мүсинлериниң салтанатлы түрде ашылыўы күтилмекте.

Өзиниң теңсиз таланты, бәрқулла узақты гөзлеп жумыс көриўи, данышпанлық, мәртлик ҳәм жоқары мәртебелик пазыйлетлери менен бәримиз ушын ел-халыққа шексиз меҳир ҳәм садықлық тымсалы болып қалған Ислам Кәримовтың жарқын естелиги халқымызды бәрқулла жоқары мақсетлер менен шеклерге қарай руўҳландырады.

ӨзА.