Нөкис қаласында жумыс алып барып атырған «Панаев Фармс» шарўашылық кәрханасы коронавирусқа қарсы иммун сүти ҳәм оннан алынатуғын өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойды.

2021-жылы Халықаралық молекуляр аллергология орайы ҳәм Австрияның Вена медицина университети менен биргеликте усы сүт өними үстинде жумыслар басланған еди.

2022-жылы Орай илимпазлары коронавирусқа қарсы Өзбекстан-Қытай вакцинасы менен шаншылған сыйырлардың иммун сүтинен тәжирийбе үлгилерин алды. Халықаралық молекуляр аллергология орайы ҳәм Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған «Панаев Фармс» компаниясы арасында дүзилген шериклик шәртнамасына бола, нәсилли сыйырлар да Австрия ҳәм Германиядан алып келинген сыйырлар қәўипсиз ҳәм нәтийжели болған вакцинаның 3 дозасы менен толық шаншылды.

Буўаз дәўиринде шаншылған сыйырлардың аўыз сүтинде коронавирусқа қарсы белгилер максимал дәрежеде болыўы илимпазлар тәрепинен тастыйықланды.

2022-жыл январь айының ақырында сыйырлар туўып баслады. Аўыз сүти ҳәм сүттен алынған тәжирийбе үлгилери үстинде кейинги клиникалық- лаборатория изертлеўлери даўам еттирилди.

Коронавирус инфекциясына қарсы жаңа әўлад иммун сүтин алыў үстиндеги изертлеўлер нәтийжеси бойынша таярланған илимий мақала сырт елдиң атақлы журналларынан биринде басып шығарылып, биринше мәрте коронавирусқа қарсы иммун сүтин алыў имканияты әмелиятта дәлийллеп берилди.

2022-жылдың октябрь айларынан баслап Қарақалпақстан Республикасындағы «Панаев Фармс» шарўашылық кәрханасында коронавирусқа қарсы актив нейтралланыўшы иммун сүтин пастеризацияланған сүт ҳалында киши көлемде ислеп шығарыў ушын технологиялық линиялар сынақтан өткерилди. Усы жылдың октябрь айында Халықаралық инновациялық идеялар ҳәптелиги шеңберинде өним дегустациясы өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик стандартларына муўапық узақ мүддетли пастеризация процеси сүттиң барлық қәсийетлерин, сондай-ақ, антиденелерди нейтралластырыўдың белсендилигин сақлап қалды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги