13-август күни  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Қурылыс тараўы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов шығып сөйлеп, республикамыздағы қурылыс тараўында жумыс алып барып атырған барлық хызметкерлерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимиздиң раўажланыўын, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде бүгинги күнниң шебер қурылысшылары, инженер-механиклери, машина-механизмлерин басқарып атырған пидайы инсанлары, жойбарлаўшы-дизайнерлер, қурылыс санааты ўәкиллери ҳәм жумысты бөлип алып ислеўшилердиң тутқан орны айрықша.

Олардың тымсалында қала ҳәм аўылларымызда, пүткил елимизде жаңа өндирис кәрханалары, әҳмийетли социаллық объектлер, заманагөй турақ жайлар, жол ҳәм көпирлерди қурып, турмысымызды еле де абат етиўге үлкен үлес қосып атырған пидайы кәсип ийелерин көремиз.

Өткерилген байрам салтанатында мине усындай әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер кең түрде атап өтилди.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум қарары менен қурылыс тараўында жемисли мийнет етип атырған бир қатар пидайы инсанларға көкирек белгиси ҳәм Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

-Қурылыс тараўында ислеп атырған көп жыллық мийнетим тараў басшылары ҳәм республикамыз ҳүкимети тәрепинен ылайықлы баҳаланып атырғаны ушын оғада қуўанышлыман, -дейди «Ўатан пидайысы» көкирек белгисиниң ийеси Жалғас Бердиханов.








Байрам илажы республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы