Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў шешимлери тармағы (SDSN) ҳәм халықаралық экспертлер тәрепинен 2023-жылы жәрияланған ТРМ (SDG index) рейтингинде Өзбекстан 71,1 индекс пенен 166 мәмлекет арасында 69-орынды ийеледи.

Бул нәтийже 2022-жылға қарағанда 8 басқышқа көтерилген. 2022-жылы Өзбекстан 69,9 индекс пенен 77-орынды ийелеген еди.

Өзбекстанда Турақлы раўажланыўдың 10 мақсетлери бойынша көрсеткишлеринде унамлы өсиў жүз берген. Олардың арасында мәмлекетте кәмбағаллықты қысқартыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм абаданлықты тәмийинлеў, сапалы билимлендириў менен тәмийинлеў ҳәм басқалар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги