Республикамыз аймағында нәшебентлик өнимлериниң нызамсыз айланысына қарсы гүресиў бағдарында бажыхана шөлкемлери тәрепинен кең көлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте өткерилип атырған оператив илажлар да солар қатарына киреди.

Басқарманың Контрабандаға карсы гүресиў бөлими, мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте гезектеги оператив илаж әмелге асырылды.

«Ташкент-Төрткүл» жөнелисинде ҳәрекетленип киятырған Кобальт автомашинасы тоқтатылып тексерилгенде, пуқара П.О. ның шалбарының қалтасында 4,9 грамм салмаққа ийе «героин» нәшебентлик өними бар екенлиги анықланып, тийисли тәртипте айғақлы зат ретинде алып қойылды.

Ҳәзирги ўақытта усы жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.