Сенаттың қырқ үшинши жалпы мәжлисинде «Ҳайўанат дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 43-статьясына қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында» ғы Нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар жабайы ҳайўанлардың тәбийғый түрге тийисли, әсиресе, сийрек ушырасатуғын ҳәм жоғалып кетиў қәўипи астында турған түрлериниң жақсы жасаў шәраятларын тәмийинлеў ҳәм сақлап қалыў ушын тийкар болып хызмет етпекте.

Соның менен бирге, жабайы ҳәм зәҳәрли ҳайўанларды ярым еркин шараятларда ямаса тутқынлықта сақлаў, олардан коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў, оларды жәмийетлик орынларда сейил еттириў нәтийжесинде кеўилсиз ҳәдийселер ушырасып атырғанлығы тийисли нызам ҳүжжетлерин қәлиплестириўди талап етпекте.

Сонлықтан, усы Нызам менен жабайы ҳайўанларды сақлаўды тәртипке салыў мақсетинде физикалық шахслар тәрепинен сақланыўы қадаған етилген жабайы ҳайўанлардың дизимин, сондай-ақ усы дизимге киргизилген жабайы ҳайўанларды юридикалық шахслар тәрпинен сақлаў тәртибин белгилеў Министрлер Кабинетине жүкленбекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул Нызамның қабыл етилиўи жабайы ҳайўанларды сақлаў ҳәм олардан түрли мақсетлерде пайдаланыўға  байланыслы жағдайларда халықтың өмири ҳәм денсаўлығын сақлаўға, сондай-ақ ўәкилликли мәмлекетлик уйымның усы бағдардағы жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги