Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң (ЕТРБ) «Киши бизнес ушын мәсләҳәтлер» жойбары қәнигелери менен биргеликте гезектеги «Business Breakfast» илажы шөлкемлестирилди.

Илажда ЕТРБның Өзбекстандағы «Киши бизнес консультациялары» бағдарламасының аналитиги А.Маткаримов, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Қосназаров, «Ривож юлдуз» реклама агентлигиниң директоры З.Каримбаев ҳәм басқа да исбилерменлер шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға бизнесте жетискенликке ерисиўдиң сырлары, нәтийжели басқарыў, қаржыларды дурыс жумсаў ҳәм инновациялық жойбарларды енгизиў абзаллықлары туўралы түсиниклер берилди.



Атап өтилгениндей, илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – қатнасыўшыларға жетекши исбилерменлердиң тәжирийбелерин таныстырыў, раўажланыў стратегиялары ҳәм кәрханаларды басқарыўдың нәтийжели усыллары ҳаққында билим ҳәм көнликпелерге ийе болыў, сондай–ақ, жергиликли исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, инновациялар ҳәм исбилерменлик руўхын хошаметлеў, бизнес орталығын жақсылаўдан ибарат.

Илажда бизнести раўажландырыў, бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги