Өзбекстанда метан газиниң баҳасы артқаны бойынша хабарлар тийкарсыз. Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.

Сондай-ақ, социаллық тармақларда тарқалған Наманганда жайласқан метан «заправка»дағы жағдайға да түсиник берилди. Айтылыўынша, Наманган ўәлаятындағы барлық метан «заправка»ларға олардың талапларына тийкарланып белгиленген лимитке бола, тәбийғый газ толық жеткерип берилген.

Видеода тарқалған жағдайдағы «заправка» болса берилген айлық лимитти жумсап болған. Бүгин саат 00:00 ден жаңа ай басланды ҳәм бул «заправка»ға газ жеткерип бериў жолға қойылады.

Сондай-ақ, метан «заправка»ларда сатылатуғын бир куб газ ушын белгиленген баҳа артқаны жоқ. Егер заправкаларда газ баҳасының тийкарсыз арттырылыў жағдайларына гүўа болсаңыз, Өзбекстан Республикасы Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң 1159 санлы «Исеним телефоны»на қоңыраў етиўиңиз мүмкин, делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги