Өткерилген сөйлесиўлерде Өзбекстан, Түркменстан ҳәм Иран ҳүкиметлери арасында халықаралық транспорт жолын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге қол қойыўды жеделлестириў, Иран аймағында халықаралық автотранспорт қатнаўларында миллий тасыўдан өндирилетуғын жыйымлардың муғдарын азайтыў, экспорт ҳәм импорт жүклери ушын «Бандар-Аббос» ҳәм «Чабаҳор» портларынан пайдаланыў имканиятлары додаланған.


Сондай-ақ, Өзбекстан-Аўғанстан-Иран халықаралық транспорт жолын раўажландырыў мәселелери де көрип шығылған.

ӨзА