Мәмлекетлик кадастрлар палатасы тәрепинен быйылғы жыл ушын қабыл етилген “Жол картасы”нда белгиленген тараўда руўхый-билимлендириў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, жаслар сиясаты бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларды жетилистириў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды хошаметлеў мақсетинде 20-22-июль күнлери аралығында Жиззақ ўәлаятында “Баслық ва жаслар” атамасында I–форум болып өтти.
Мәмлекетлик кадастрлар палатасы аймақлық басқармаларының 30 жасқа шекемги жас қәнигелер арасында илажға Қарақалпақстан Республикасында кадастр системасында жумыс ислеўши жаслар да белсене қатнасты.
Қатнасыўшылар Жиззақ қаласы ҳәм ўәлаятта жайласқан музейлер, зыярат орынлары менен танысып, жумыс процесин раўажландырыў, системаға жаңа идеяларды алып кириў мақсетинде басшылар жаслар менен пикирлести. Сондай-ақ, спорт ҳәм мотивациялық ойынлар ҳәм тағы басқа ҳәр қыйлы кеўил ашар илажлар өткерилди.
Үш күн даўам еткен форумның белсене қатнасыўшылары сыйлықланды. Олардың арасында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Беруний районы филиалының кадастр инженери Бунёд Тажибаев “Ең белсенди қатнасыўшы”, Қоңырат районы филиалының бас қәнигеси Айдос Садыков қатнасқан “Палата жаслары” командасы “Ең жақсы команда” номинациялары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги