Қоңырат районында Қарақалпақстан Республикасы прокурорының биринши орынбасары Е.Қаипбергеновтың қатнасыўында көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди. Онда пуқаралар өзлерин қыйнап киятырған машқалалар бойынша мүрәжат етти.

Халықтың машқалаларын үйрениý, оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыý мақсетинде өткерилген көшпели қабыллаýда келип түскен мүрәжатлардың ҳеш қайсысы итибарсыз қалдырылмады.

Қабыллаýда пуқаралардан медициналық ҳәм материаллық жәрдем, кадастр хызмети, перзентлериниң оқыў контракти пулларын төлеўде жәрдем бериў мәселелери бойынша жәми 12 мүрәжат келип түсти. Соннан төртеўи сол ўақыттың өзинде шешилиўине ерисилди.

Шешими ýақыт ҳәм үйрениýди талап ететуғын мүрәжатлердиң орынланыýы қадағалаўға алынды ҳәм тийисли мәкемелерге тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги