Соңғы жылларда елимизде үлкен жаңаланыўлар, халық пенен ислесиўде көплеген жумыслар әмелге асырылмақта.
Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, исбилерменликти жолға қойыў, жаңа өндирислик кәрханаларды иске түсириў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде депутатларға да көплеген ўазыйпалар белгиленген.
Соның ишинде, депутатлардың өз сайлаўшылары арасында болыўы, халықтың машқалаларынан хабардар болып, әмелге асырып атырған жумысларынан оларды хабардар етип барыўы, мәселелердиң шешилиўинде мәмлекет пенен халық арасында көпир болып, бәрқулла олардың дәрти менен жасаўы күннен-күнге үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
ӨзЛиДеП Кегейли районлық Кеңесиниң аппарат баслығы, 4-санлы «Күнхожа» сайлаў округинен сайланған депутат Байрамбай Искендеров өз сайлаўшыларына 2023-жыл 6 ай даўамында ислеген жумыслары бойынша есабат берди.
Атап өтилгениндей, тийисли қарар ҳәм пәрманларда, арнаўлы көрсетпелерде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда Жоқарғы Кеңес депутатлары, районлық Кеңес депутатлары орынларда олардың орынланыўын қадағалаўға алып, үйрениўлер алып бармақта.
– Мен де депутат ретинде быйылғы жылдың 6 айы даўамында тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлердиң жуўапкер басшыларының қатнасыўында халық пенен 6 мәрте ушырасыўлар өткердим,-дейди депутат Б.Искендеров. – Үйме-үй жүрип машқалаларды анықлаў ҳәм оны унамлы шешиў бойынша өткерилген ушырасыўлар даўамында 13 машқалалы мәселелер көтерилди. Соннан 9 мәселе сол күнниң өзинде шешилген болса, 4 мәселе қадағалаўға алынып, қала ҳәкимлиги, тийисли шөлкемлерге 5 депутатлық сораў жолланды. Қәўендерлер менен биргеликте 4 шаңарақтың ҳал жағдайларынан хабар алынды.
Соны да айырықша атап өтиўимиз тийис, Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Републикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында бир қанша пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги «Қарақалпақстан Республикасының исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен мулк салығының еки есеге азайтылыўы нәтийжесинде 24 млрд. сум қаржы 2960 кәрхананың ықтыярында қалды.
Бул дегени исбилерменлик субъектлериниң қосымша жумыс орынларын жаратыўға, әсбап-үскенелер алыўға болған қосымша имканиятлардан есапланады.
Бундай мысалларды көплеп келтириўимизге болады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, районымыздағы 9 мәҳәлледеги 12 объектке 6,9 млрд. сум қаржы ажыратылып, соның жетеўин ишки жоллар, төртеўин ишимлик суўы, биреўин көше бойларын жақтыландырыў объектлери қурайды.
Мәселен, мәҳәллемиздеги 6 көшениң түнги жақтыландырыў шырақлары усы қарар тийкарында оңланып, сапалы етип пайдаланыўға тапсырылды.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарарында да район кесиминде 920 шаңарақтың турақ жайының төбесин шиферлаў, 4 шаңараққа жаңадан үй курып бериў, ал Мәденият МПЖ кесиминде болса, 48 шаңарақтың жайларының төбелери шиферланып берилиўи белгиленген.
Бүгинги күнде районымызда кең көлемли усындай жумыслар әмелге асырылып атырған екен, дәрамат табыўға ҳәр бир шаңарақ ағзалары ҳәрекет етиўи зәрүр.
Илажда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары да тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги