Өзбекистан Республикасы Қорғаныў министрлигинде 26-июль күни Түркия Республикасы миллий қорғаныў министри Нуреттин Жаникли басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўдың жуўмағы бойынша Өзбекистан ҳәм Түркия Қорғаныў министрликлери әскерий-билимлендириў мәкемелери профессор-оқытыўшыларының тәжирийбе ҳәм билим алмасыўын беккемлеў, әскерий-техника саласында еки тәреплеме қатнасықларды кеңейтиўге қаратылған ҳүжжетлерге қол қойылды. Атап айтқанда, 2018-жылы Түркия әскерий-оқыў орынлары менен орайларының таярлаў курсларында Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлери әскерий хызметкерлерин оқытыўды шөлкемлестириў ҳаққында келисимге ерисилди.

Түркия делегациясының ағзалары Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейинде болды ҳәм бул жердеги бай экспозиция менен танысты. Сондай-ақ, мийманлар «Шейитлер естелиги» естелик комплекси ҳәм Ҳәзирети Имам (Хастимом) комплексин де зыярат етти.

Аблай КАМАЛОВ,

ӨзАның хабаршысы