Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Нөкис қаласы Алланияз Қаҳарман мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 8-санлы улыўма билим бериў мектебинде жайласқан 7-сайлаў участкасынан Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында даўыс берди.

Өзбекстан  Республикасы Сайлаў кодекси ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған календарь реже тийкарында Қарақалпақстан Республикасында да Президент сайлаўына қызғын таярлық көрилди. Бәринен бурын барлық участкалар ушын ең қолайлы имаратлар сайланып, участкалық сайлаў комиссияларының ағзалары, сайлаўшылары ҳәм бақлаўшылар ушын зәрүр шараят жаратылды. Барлық участкалар жоқары тезликтеги интернет байланысы менен тәмийинленди.

Комиссия баслығы Рано Бахиеваның атап өткениндей, бүгинги сайлаўда қатнасыў ушын 2 мың 772 пуқара дизимге алынған. Соннан 20 жас биринши мәрте даўыс бериўде қатнасады. Аймақтағы кексе ҳәм майыплығы болған пуқараға жасаў орнында даўыс бериў шөлкемлестириледи. Сайлаў күни жасаў мәнзилинде бола алмайтуғын 49 пуқара мүддетинен алдын даўыс берди.

Халық депутатлары районлық, (қалалық) Кеңеслериниң усынысы тийкарында тастыйықланған участкалық сайлаў комиссиялары ағзалары қурамының улыўма саны  6 мың 266 ны  қурайды. Олардың көпшилиги алдын сайлаў ҳәм референдумларда қатнасқан, бул бойынша тәжирийбеге ийе. Сондай-ақ олардан 50,9 проценти ҳаял-қыздан ибарат. Участка комиссиялары ағзалары ушын бир неше басқышта оқыўлар шөлкемлестирилип, сайлаў нызамшылығы ҳәм мүддетинен алдын Президент сайлаўы бойынша оқытылды.

Сайлаў участкасында даўыс бериўшилер ушын барлық шараят жаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.