Мойнақ районындағы 2-санлы балалар музыка мектебинде ӨзЛиДеП партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасындағы исенимли ўәкили Байрамбай Өтемуратов сайлаўшылар менен ушырасты.

Онда Олий Мажлий Нызамшылық палатасының депутатлары, аймақ белсендилери, районлық Кеңес депутатлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм FХҚ ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда исенимли ўәкил Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасында ўатанымызды және де гүллендириў, ҳәр бир инсанға өз имканиятын әмелге асырыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бойынша үлкен мақсет ҳәм ўазыйпалар алға қойылғанлығын айрықша атап өтти.



Президентликке талабанның сайлаўалды бағдарламасында жаңа идея ҳәм басламалар, пуқта ойланған режелер, мақсетлер,  тараўлар бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген.

Атап айтқанда, суўды үнемлейтуғын технологияны енгизген фермер ҳәм дийқанлар және де қоллап-қуўатланады. Бул ушын 10 процентлик кредит ажыратыў, өз есабынан енгизгенлерге, қәрежеттиң 50 процентин қаплап бериў тәртиби енгизиледи. «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын және де кеңейтиў нәзерде тутылмақда.

Ушырасыўда сөзге шыққанлар кейинги жылларда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, барлық тараўлардағы өзгерислер менен жаңаланыўлар, Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы алып барылып атырған ислердиң барлығы ең дәслеп «Инсан қәдири ушын» екенлигин турмыслық мысаллар менен түсиндирип өтти.

Илаж даўамында мәҳәлле нураныйлары менен де ушырасыў өткерилди.



Илажда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары да тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги