Әмиўдәрья районында салық тараўында коррупцияның алдын алыў мәселелерине бағышланған ушырасыў өткерилди. 

Онда Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасының жеке қәўипсизлиги бөлиминиң қәнигелери, ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери ҳәм районлық салық инспекциясының хызметкерлери қатнасты.

Ушырасыўда басқарманың жеке қәўипсизлиги, ҳуқық қорғаў уйымларының қәнигелери тәрепинен «Ҳадаллық вакцинасы» принципи тийкарында коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдалары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Сондай-ақ, илажда Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң 2023-жыл 31-майдағы  «Коррупцияға қарсы гүресиў сиясатын белгилеў ҳаққында»ғы арнаўлы буйрығы ҳәм «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы нызам талаплары және бир мәрте таныстырылып, белгиленген нызамшылықларға муўапық ис жүргизиў зәрүрлиги атап өтилди.


Атап өтилгениндей, елимизде исбилерменлик жедел раўажланыўы, халықтың абаданлығының артыўы, пуқаралардың мүрәжатлары өз ўақтында шешилип, ҳүкиметтен разы болып жасаўы ушын салық хызмети де коррупциядан аўлақ болыўы керек.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги