Пайтахтымызда болып өтип атырған «Жаңа Өзбекстан: раўажланыў, инновация ҳәм ағартыўшылық» темасындағы Халықаралық шериклик басламалары ҳәптелиги оғада қызғын руўхта өтпекте. Ҳәптеликтиң екинши күнинде тийкарынан социаллық тараўлардың раўажланыўына бағышланған Халықаралық форумлар, әнжуманлар, сөйлесиўлер, презентациялар болып өтти.

Соның ишинде, «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша Өзбекстан тәжирийбеси» темасындағы халықаралық форумның дәслепки күни оғада қызғын руўхта өтти.

Форумда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Музаффар Комилов, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Зулайҳо Маҳкамова мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қорғаў, мәплерин тәмийинлеўдиң алдын мисли көрилмеген жаңаша системасының жаратылғанын айрықша атап өтти. Булар ҳаял-қызлардың жоқары билимлендириў менен қамтып алыныўы, гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың социаллық қорғалыўы, апа-сиңлилеримиздиң хызмет текшелеринен жоқарыланыўы, исбилерменлиги, алдыңғы идеяларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы әмелий басламалар менен тиккелей байланыслы болып есапланады.

























Әнжуман қатнасыўшылары Өзбекстанда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў бағдарында үлги алыўға ылайық механизм жаратылғанын айрықша атап өтти. Соның менен бирге, тараўдағы кемшиликлерди сапластырыў ушын халықаралық бирге ислесиўди кеңирек жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сол күни «Өзбекстан – саламат ҳәм билимли жәмийет», «Сапалы билимлендириў ҳәм инновациялар – турақлы келешек тийкары» сыяқлы темаларда халықаралық конференциялар да болып өтти. Онда жаңа Өзбекстанның инновациялық стратегиясы, жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялық раўажланыў мәселелерине байланыслы презентациялар өткерилди.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы