Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 6-сентябрдеги «Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктура менен тәмийинлениў дәрежесин және де жақсылаў арқалы халықтыӊ турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында” ғы 500-санлы қарары тийкарында Нөкис районында жолларды оңлаў, тегислеў ҳәм  оларға қум-щебень төсеў  жумыслары даўам етпекте.

Атап айтқанда, усы қарар бойынша быйылғы жылы 1млрд 796 млн сум қаржы ажыратылып, 13 км ишки жолларды  оңлаў ҳәм абаданластырыў ислери әмелге асырылады. Соның ишинде, Саманбай аўыл пуқаралар жыйынындағы Тарлы аўылында 7,6 км,  Қырантаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ПМК-18 аўылыныӊ 1,4 км аралықтағы ишки көшелерине  ЩПС  (қум щебень араласпасы) төсеў ҳәм тегислеў жумыслары жуўмақланды.

Ҳәзирги күнлери болса, Қутанкөл мәкан пуқаралар жыйыны Мақсымқала ҳәм Тоқымбет аўылларындағы  3,9 км аралықтағы ишки жолларға  ЩПС  төсеў ҳәм оны тегислеў жумыслары алып барылмақта.



Әлбетте, өзлерине жаратылып атырған бундай қолайлықлардан кеўли толған бул аўыллардың турғынлары республика ҳәм район басшыларына терең миннетдаршылықларын билдирмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы