Усы жылдың 3-7-июль күнлери Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлиги сондай-ақ, Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша Пүткил жер жүзилик жәмийетиниң басламасы менен бир қатар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте «Өзбекстан мәдений мийрасы – Жаңа Ренессанс тийкары» мәдений мийрас ҳәптелиги ҳәм «Жаңа Өзбекстан: раўажланыў, инновация ҳәм ағартыўшылық» темасындағы халықаралық бирге ислесиў басламалары ҳәптелиги өткериледи.
Бул илажларға дүньяның 60 қа шамалас мәмлекетлеринен жүзлеген мийманлар келиўи күтилмекте.
Ҳәпте даўамында пайтахтымыздағы музейлерде Темурийлер дәўири мәдений мийрасы, халық әмелий көркем өнер дүрданалары, Өзбекстанда сақланып атырған Авангард көркем дүрданалары көргизбелери өткериледи. Сондай-ақ, «Жаңа Өзбекстан – турақлы раўажланыўға қарай», «Қолайлы бизнес орталығы», «Саламат ҳәм билимли жәмийет», «Сапалы билимлендириў ҳәм инновациялар – турақлы келешек тийкары», «Регионларды байланыстырыўшы көпир», «Инсан қәдири қәдирленетуғын мәкан» сыяқлы темаларда конференция ҳәм дөгерек сәўбетлери, ушырасыў ҳәм презентациялар өткериледи.
Пайтахтымызда усы ҳәптеликлердиң ашылыўы ҳәм Илажлар комплекси имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы мәресими болып өтти. Илажда тийисли министрлик ҳәм уйымлар, халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң ўәкиллери, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, журналистлер қатнасты.
Мәресим алдында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыў процесслери ҳаққындағы видеоролик қойып берилди. Шығып сөйлегенлер кейинги жыллары мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыўға қаратылған үлкен итибарға тоқтап өтти.
– Бүгин дүнья көлеминде мәмлекетлер тийкарынан экономикалық имканиятлары менен емес, қәдириятлары, мәденияты менен өз-ара беллесип келмекте,- деди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев. – Өзбекстан да өзиниң сыртқы сиясатында биринши гезекте мәдений потенциалына сүйенеди. Сол арқалы елимиз бүгин халықаралық көлемде өз имиджин жаратпақта. Бүгин басланып атырған мәдений илажлар да Өзбекстан мәденияты ҳәм қәдириятларын үгит-нәсиятлаўға қаратылған.
– Инсаният ушын ең әҳмийетлиси бул пикир алысыў – деди Олий Мажлис Нызамшылық палатасы спикериниң биринши орынбасары Акмал Саидов. – Елимизде халықаралық дәрежедеги қарым-қатнасларды тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша Пүткил жер жүзилик жәмийетиниң орынлап атырған үлкен жумыслары ҳаққында узақ айтыў мүмкин. Бүгин иске қосылған бул мәденият дәргайы да, басланып атырған мәдений илажлар да ҳәр қыйлы мәмлекетлер, халықлар арасындағы мәдений қарым-қатнасты тәмийинлейди, деп ойлайман.
– Бүгинги әнжуман бәринен бурын дөретиўшилерди, мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллерин жәмлемекте, – деди мәденият ҳәм туризм министри Озодбек Назарбеков. – Ҳәзирги ўақытта халықаралық дәрежедеги бирге ислесиў байланысларымыз раўажланып бармақта. Онда көркем өнер ўәкиллериниң де мүнәсип орны бар. Бүгин ашылып атырған ҳәптелик мине усы, бирге ислесиўди және де беккемлеўге, өзбек мәденияты ҳәм көркем өнери даңқының және де кеңнен ен жайыўына хызмет етеди.
– Биз Жаңа Өзбекстанда миллий кино көркем өнериниң раўажланыўына қаратылып атырған итибардан миннетдармыз,-деди Кинематография агентлигиниң директоры Фирдавс Абдухолиқов. – Әсиресе, халықаралық үлгилерге сәйкес түрде, жаңа дөретиўшилик жойбарлардың презентациясын өткериўге мөлшерленген жаңа имарат – Илажлар комплекси қурылып пайдаланыўға тапсырылыўы мине, усы жоқары итибардың айқын дәлили бола алады.
– Ҳәмме затты ўақыт шешеди дейди,-деди Өзбекстан халық артисти Хайрулла Саъдиев. Бир ўақытлары бундай ири көркем өнер дәргайларын әрман етиўимиз мүмкин еди. Бүгин мине, усы әрманлар әмелге аспақта. Елимизде барлық тараўлар қатарында, мәдений-ағартыўшылық бағдарда да кең көлемли өзгерислер әмелге асырылмақта. Ўатанымыз күннен-күнге шырайланып, жаңадан-жаңа имаратлар, мәдений-ағартыўшылық мәкемелери қурылмақта. Кейинги жыллары Өзбекстанда бир қатар халықаралық мәдений илажлар болып өтпекте. Атап айтқанда, мақам, бақсышылық, өнерментшилик әнжуманлары, Ташкент Халықаралық кинофестивалы солардың қатарына киреди.
Салтанатлы мәресим даўамында байрам сейили, көргизбели шығыўлар, жағымлы нама-қосықлар, кеўилашар тамашалар қатнасыўшыларды қуўанышқа бөледи.
ӨзА