Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы (ЕҚБШ ДИИҲБ) миссиясының басшысы Урсула Гачек пенен 3-июль күни болып өткен ушырасыўында болажақ президентлик сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы ЕҚБШ менен конструктивлик пикир алысыў, жедел алмасыўлар, ашық ҳәм нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Бюро экспертлери миллий сайлаў системасын модернизациялаўда, соның ишинде, мәмлекетимиз Сайлаў кодексин ислеп шығыўда қатнасқан.

ЕҚБШ ДИИҲБ миссиясы усы жылы 30-апрель күни болып өткен Конституция бойынша референдумды бақлаўда да қатнасқан еди.

Ушырасыўда улыўма халықлық даўыс бериў процесин халықаралық стандартларға муўапық өткериўдиң ҳәр қыйлы мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

ДИИҲБ миссиясының басшысы Урсула Гачек Жаңа Өзбекстандағы артқа қайтпас демократиялық жаңаланыўлар ҳәм социаллық-экономикалық реформаларды және де тереңлестириў процесслерин қоллап-қуўатлады. Мәмлекетимизде ашық-айдын ҳәм әдил сайлаў өткериў бағдарында көрилип атырған илажлар атап өтилди.

ӨзА