Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтыңреспубликамыздың белсенди ҳаял-қызлары менен гезектеги ушырасыўы Нөкис қаласында болып өтти.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер сарайында болып өткен ушырасыўларға 2 мыңға шамалас белсенди ҳаял-қыз қатнасты.


Онда тийкарынан бүгинги күнде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, булбағдарда исленип атырған әмелий жумыслар, оларға жаратып берилген шараятлар атап өтилди. Соның менен бирге, мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар, басқа да нызам ҳүжжетлери, турмысқа енгизилип атырған бағдарламалар, сондай-ак, ажыратылып атырған субсидиялар, көрсетилип атырған ғамқорлықлар, жеңиллетилген кредитлер ҳәм басқа да усы сыяқлы бир қатар имканиятлар кең түрде сөз етилди.

Бүгинги күнде жаратылып берилип атырған усындай имканиятлар нәтийжесинде көпшилик ҳаял-қызларымыздың турмыс шараяты өзгерип, олардың бүгинги күнинен разылығы тәмийинленип атыр. Илим-билим үйрениў, кәсип ийелеў, өнерге бағдарлаў, бәнтликти тәмийинлеў, материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, жеңиллетилген кредитлер алыўында жәрдем бериў сыяқлы бир қатар мүмкиншиликлерди атап өтсек болады. Әлбетте, булардың барлығы, елимизде ҳаял-қызлардың тутқан орнын буннан былай да арттырыў ҳәм олардың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге қаратылған.

Шығып сөйлегенлер  бүгинги тынышлығымыздың қәдирине жетиў, өз-ара аўызбиршиликти, миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў, ҳәр қыйлы жат идеяларға берилмеў ушын жаслар тәрбиясында ҳаял-қызлардың орны әҳмийетли ҳәм шаңарақтағы орталықты сақлаўда ҳәр бир ана жуўапкер екенлигин айрықша атап өтти.

Ушырасыў еркин пикирлесиў тәризинде даўам етти.






Белсенди ҳаял-қызлар менен усындай ушырасыўлар республикамыздыӊ басқа районларында да болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги