Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-июнь күни Қатар Мәмлекетиниң Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний менен усы жылдың июнь айында Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген ҳәм қабыл етилген келисимлердиң орынланыўын жеделлестириўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.

Телефон сөйлесиўи алдынан мәмлекет басшылары пүткил мусылман үммети ушын муқаддес болған Қурбан ҳайыты – Ийд ал-Адха менен бир-бирин қызғын қутлықлап, еки мәмлекет халықларына тынышлық-парахатшылық, турақлы раўажланыў тиледи.

Самарқандта өткен жоқары дәрежедеги ушырасыў еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шыққаны ҳәм анық мазмун менен байытқаны ҳаққында бирдей пикир билдирилди.

Жетекшилер саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда қабыл етилген қоспа қарарлар орынланыўының барысын көрип шықты. «Жасыл энергетика», қаржы, инфраструктура, транспорт ҳәм логистика, қурылыс ҳәм басқа да тармақлардағы жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиниң ең әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.

ӨзА