Ҳәр қандай жақсы сөз ҳәм хошамет инсанды жақсы сезимлерге бөлеп, оларға айрықша күш-жигер бағышлайды. Әсиресе, дөретиўши инсанлар есапланған журналист, шайыр, жазыўшы ҳәм художниклер ушын бундай қоллап-қуўатлаў оларды жаңадан-жаңа дөретиўшилик ислерге умтылдырады.

Өзбекстан  мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен республикамызда мийнет етип атырған журналист ҳәм баспасөз хызмети тараўы хызметкерлериниң қатнасыўында байрам кешеси шөлкемлестирилди.

Байрам кешесин Өзбекстан  мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры Аманжол Аяпов ашты ҳәм басқарып барды.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қалбай Турдиев, Өзбекстан Журналистлери аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы Кеңесбай Реймов, «Қарақалпақстан спорты» газетасының бас редакторы Алланазар Абдиевлер соңғы жыллары елимизде жүргизилип атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде ғалаба хабар қуралларында ашықлық ҳәм жәриялылықты тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумыслар туўралы айтып өтип, барлық қатнасыўшыларды кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлады.

Кешеде республикамызда мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы жаңалықлар менен өзгерислерди ғалаба хабар қуралларында жәриялаўдағы белсендилиги ушын бир қатар журналист ҳәм баспасөз тараўы ўәкиллерине шөлкемлестириўшилердиң Миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Байрам кешесинде «Қарақалпақстан жаслары» газетасының бас редакторы Арыўхан Турекеева, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы директорының орынбасары Қоңыратбай Палымов, «Өзбекстан-24» телеканалының Қарақалпақстан Республикасы бойынша хабаршысы Қәллибек Нағметов, Өзбекстан миллий ахборот агентлигиниң республикамыздағы хабаршысы Даўыт Абибуллаевлар шығып сөйлеп, кәсиплик байрам алдынан журналистлерге көрсетилип атырған хошамет ушын, шөлкемлестириўшилерге өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.







Байрам кешеси журналистлердиң өз-ара пикир алысыўы менен кеўилли даўам етти.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы