2023-жыл 23-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ екинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференц байланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.

Жалпы мәжилистиң екинши жумыс күни сенаторлар дәслеп «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққынды»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды додалады.

Бул нызам Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бир топар депутатлары тәрепинен нызамшылық басламасы тийкарында ҳәзирги заман ўақыяларын, пуқаралардың усыныслары ҳәм талап-тилеклерин есапқа алған ҳалда ислеп шығылған.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде мәмлекетимиздиң жер жүзилик майдандағы абырайы барған сайын артып атырғанын, әсиресе, мәденият, спорт ҳәм илим тараўларында үлкен жетискенликлерге ерисип, Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы дүнья жүзине бәлент көтерилип атырғанын есапқа алып, оннан пайдаланыў имканиятын буннан былай да кеңейтиў талабы жүзеге келген.

Усы талаптан келип шығып, әмелдеги нызам бир неше жаңа нормалар менен толықтырылмақта.

Атап айтқанда, нызам менен Мәмлекетлик байрақтан спорт жарысларында, ғалабалық денетәрбия ҳәм мәдений илажларда, рәсмий халықаралық илажларда, шаңарақлық байрамларда, айрықша сәнелерди белгилеўде, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлер, әскерий хызметкерлердиң жерлеў мәресимлеринде ҳәм басқа да жағдайларда ҳүрметти тәмийинлеген ҳалда пайдаланыў мүмкин екенин нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сонда й-ақ, байрақтың сүўрети түсирилген белгилерден пайдаланыўда да халыққа кеңнен имканиятлар жаратылмақта. Соның ишинде, байрақтан жәмийетлик орынларда, имарат ҳәм басқа да жумыс орынларында, транспорт қуралларының салонында, рәсмий халықаралық илажларда, әскерий ямаса басқа да мәмлекетлик хызметте болған шахслардың кийиминде де парықлаўшы белгилерин, халықаралық спорт жарыслары ҳәм Өзбекстан чемпионатлары ушын кийим-кеншек таярлаўда пайдаланыў мүмкин екени нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, байрақтан ҳәм оның сүўрети түсирилген белгилерден  минез-қулық ҳәм жәмийетлик жүрис-турыс қағыйдаларына қайшы түрде ямаса оларды қуўдалаў есапланатуғын басқаша тәризде пайдаланыўға жол қойылмайтуғыны белгиленбекте.

Өз гезегинде, Сенат ағзалары тәрепинен нызамды додалаў процесинде киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар Мәмлекетлик байрақтан пайдаланыў имканиятын кеңейтиўге ҳәм халық, әсиресе, жасларда, өз елине болған меҳир-муҳаббат, мақтаныш ҳәм ўатансүйиўшилик сезимлериниң және де артыўына, ең баслысы, халқымыздың байрақ пенен және де жақын мүнәсибетте болыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин жалпы мәжилисте «Радиочастота спектри ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, кейинги жылларда алыс ҳәм шетки аймақларда мобиль байланыс ҳәм мобиль интернет қамтып алыўын кеңейтиў, көрсетилип атырған байланыс хызметлериниң сапасын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, радиочастота спектринен пайдаланыўшылардың өз радиочастота спектринен пайдаланыў ҳуқықын басқа да шахсқа бериўине байланыслы бар қадағалаў радиочастота спектринен және де нәтийжели пайдаланыў имканиятларын шеклемекте. Бул болса өз гезегинде, телекоммуникациялар тармақларының раўажланыўына тосқынлық етпекте.

Буннан тысқары, мәлимлеме қәўипсизлиги тәмийинлениўин буннан былай да күшейтиў мақсетинде, сондай-ақ, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳәкимшилик реформаларды есапқа алып, бул нызамға тийисли өзгерислер киргизиў зәрүрлиги пайда болмақта.

Усы мүнәсибет пенен бул нызам менен радиочастота спектринен пайдаланыўшыларға өзлерине бириктирилген радиочастота спектринен басқа да пайдаланыўшылар менен биргеликте пайдаланыў ҳуқықының берилетуғынын ҳәм оннан пайдаланыў тәртибиниң белгиленетуғынын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Буннан тысқары, ҳәкимшилик реформалар нәтийжесинде қайта шөлкемлестирилген басқарыў уйымларының атамалары анықластырылмақта.

Сондай-ақ, радиоэлектрон қуралларынан пайдаланыў процесин әпиўайыластырыў мақсетинде жойбарлаў бойынша рухсатнама алыў тәртиби бийкар етилмекте. Нызамға киргизилип атырған бундай өзгерислер радиочастота спектри пайдаланыўшыларының жумысында оғада әҳмийетли есапланып, байланыс хызметлериниң сапасын арттырыў ушын тийкарғы фактор болатуғыны атап өтилди.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи радиочастота спектринен және де нәтийжели пайдаланыўға, телекоммуникация тармақларының раўажланыўына, сондай-ақ, халықты және де сапалы телекоммуникация хызметлери менен тәмийинлеў имканиятын береди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, сенаторлар «Өзбекстан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында Өзбекстан – Қазақстан Мәмлекетлик шегарасын демаркациялаў ҳаққындағы Шәртнаманы ратификациялаў ҳаққында»ғы нызамды додалады.

Додалаў ўақтында сенаторлар Өзбекстан ҳәм Қазақстан ең жақын қоңсылар ҳәм ўақыт сынағынан өткен стратегиялық шериклер екенин атап өтти. Кейинги жылларда еки мәмлекет арасында бирге ислесиўдиң жаңа дәўири басланды, сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы байланыслар жедел раўажланбақта.

Ҳүжжет Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев тәрепинен оның 2022-жыл 21-декабрь күни елимизге мәмлекетлик сапары ўақтында қол қойылғаны менен айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Шәртнамаға бола Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы арасындағы Мәмлекетлик шегараның демаркацияланған сызығының узынлығы 2 356 километрден аслам болып есапланады.

Шәртнама менен Өзбекстан – Қазақстан Мәмлекетлик шегараны белгилеў бойынша жумыслар толық жуўмақланды ҳәм шегара қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын ең әҳмийетли шараятлар жаратылды.

Шәртнаманың ратификацияланыўы Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеў ҳәм кеңейтиўге хызмет ететуғыны сөзсиз.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен бирге жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Пакистан Ислам Республикасы Ҳүкимети арасында әскерий-техникалық тараўда бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимди (Исламабад, 2022-жыл 3-март) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Додалаў ўақтында сенаторлар Өзбекстан ҳәм Пакистан халықлары арасындағы дослық байланыслар терең тарийхый тамырға ийе екенин атап өтти.

Ҳәзирги ўақытта бул еки мәмлекет арасында өз-ара исеним ҳәм жоқары ҳүрметке тийкарланған пайдалы ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыў ушын беккем тийкарға айланды.

Келисимниң тийкарғы мақсети тең ҳуқықлылық ҳәм өз-ара мәпдарлық принципи тийкарында еки мәмлекет арасында әскерий-техникалық тараўда бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў екени атап өтилди.

Сенаторлар ратификациялаў ушын усынылған Келисимниң әҳмийетин жоқары баҳалап, Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы әскерий-техникалық тараўдағы бирге ислесиў еки мәмлекет қураллы күшлериниң қорғаныў потенциалын және де арттырыў ҳәм регионаллық қәўипсизлик тийкарларын беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Сенаторлар Келисимниң қабыл етилиўи еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўға жаңа түртки беретуғынын ҳәм мәмлекетлер арасындағы стратегиялық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Мәдений мийрас агентлигине музей экспонатлары ҳәм коллекцияларын сақлаў және олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары бойынша жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери додаланды.

Атап өтилгениндей, Агентлик тәрепинен тараўда белгили жумыслар әмелге асырылған. Атап айтқанда, Миллий музей фондының Мәмлекетлик каталог электрон түри (www.goskatalog.uz) жаратылған болып, оған 1,2 миллионға шамалас музей экспонатлары ҳәм коллекциялары киргизилген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 27-майдағы ПҚ-261-санлы қарарына тийкарланып «Өтмишке саяхат» бағдарламасы шөлкемлестирилип, оның шеңберинде 800 мыңнан аслам халықтың музейлерге сапары тәмийинленген. Соннан, 82 мыңы «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқаралар, соның ишинде, майыплығы болған шахслар, 605 мыңы оқыўшы ҳәм студентлер ҳәм 113 мыңы мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң хызметкерлери үлесине туўра келмекте.

«Миллий мийрасқа мениң үлесим!» улыўмахалықлық акциясы жолға қойылыўы нәтийжесинде 3 400 мәдений байлықлар халық тәрепинен музейлерге бийғәрез тапсырылған. Мәдений мийрас агентлиги тәрепинен Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 2022-жыл 307 миллион сум муғдарында 23, 2023-жылы 2,4 миллиард сум муғдарында 106 шийки зат ҳәм буйымлар халықтан сатып алынған.

Мәжилисте сенаторлар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда, парламентлик сораўда көтерилген бир қатар мәселелер бойынша мағлыўматлар толық түрде сәўлелендирилмегени, сондай-ақ, машқалалар елеге шекем сақланып қалып атырғаны айрықша атап өтилди.

Соның ишинде, музейлердиң жумысына байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер толық емес ҳалда болып, олардың саны 100 ден асламын қурайтуғыны, «Музейлер ҳаққында»ғы нызамның көпшилик нормалары ескиргени, тараўда ўәкилликли уйымды анық белгилеў керек екени атап өтилди.

Музей имаратларынан тысқарыда музей экспонатлары ҳәм музей коллекцияларының жергиликли ҳәм сырт ел көргизбелерин шөлкемлестириў ҳәм өткериў қағыйдалары белгиленбеген.

Музей имаратларын қурыў, оңлаў, музей экспонатлары ҳәм коллекцияларын сақлаў ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў көзқарасынан үскенелеў нормалары қабыл етилмеген.

Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейи, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер музейи, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде 2022-жылы шөлкемлестирилиўи белгиленген реставрация лабораторияларының жумысы жолға қойылмаған.

Бүгинги күнде музей экспонатлары ҳәм коллекцияларын реставрациялаўға қаратылған орайласқан лаборатория шөлкемлестириўге талап бар.

Музейлердиң имаратлары оңлаўға мүтәж жағдайда, айырымларында ысытыў ҳәм суўытыў системасы ислемейди, материаллық-техникалық базасы руўхый гөнерген.

Музейлер экспозицияларының техникалық үскенелери музей талаплары ҳәм стандартларына сәйкес келмейди.

Атап айтқанда, Әлийшер Наўайы атындағы Мәмлекетлик әдебият музейи 1968-жылдан берли оңланбаған, Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейи ҳәм Өзбекстан әмелий көркем өнер ҳәм өнерментшилик тарийхы мәмлекетлик музейиниң коммуникация системасы 1970-жылдан берли реконструкцияланбаған. Тамараханым үй-музейи де ири оңлаўға мүтәж.

Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 11-декабрьдеги 975-санлы қарарына тийкарланып Өзбекстан мәмлекет көркем өнер музейи, Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейи ҳәм Өзбекстан әмелий көркем өнер ҳәм өнерментшилик тарийхы мәмлекетлик музейинде қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары алып барылмаған.

Әлийшер Наўайы атындағы Мәмлекетлик әдебият музейине 2021-жылдан берли Ташкент қаласының Жазыўшылар қыябаны – «Маънавият» қалашасында жаңа имараттың қурылысы атап өтилип келинбекте. Бирақ елеге шекем бул мәселе өз шешимин таппаған. Музейди оңлаўды нәзерде тутатуғын Президент ҳәм Ҳүкимет қарарларының орынланыўы тәмийинленбеген. Музей имаратында шараят жоқ екени себепли онда сақланып атырған 69 575 сийрек гезлесетуғын экспонат қәўип астында қалмақта.

Музейлерде билетлер сатыўдың автоматластырылған системасын енгизиў, кириўде электрон есапқа алыў системасына ийе турникетлер орнатыў жумыслары орынланбаған.

Музейлер тараўындағы нызам бузылыўлары, олардың келип шығыў себеплери ҳәм оған имканият жаратып берип атырған шараятлар талланбаған.

Миллий музей фондының Мәмлекетлик каталоги баспа түрде басып шығарылмаған.

Республикадағы музей басшы хызметкерлери ҳәм қәнигелериниң маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў жумыслары системалы жолға қойылмаған. Музей экспонатлары ҳәм коллекцияларын экспертизадан өткериў ушын қәнигелер жетиспейди.

Додалаў соңыңда сенаторлар жоқарыдағы мәселелердиң унамлы шешилиўи бойынша тийисли илажлар белгиленген Сенат қарарын бир аўыздан мақуллады.

Жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 11 мәселе, соның ишинде, 9 нызам, Сенат Кеңесиниң қарарлары көрип шығылды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси  Сенатының қырқ екинши жалпы мәжилиси жуўмақланды.


Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети