Усы жыл 24-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2022-2023-оқыў жылында бакалавриат ҳәм магистратура басқышын тамамлап атырған студент жаслар ушын “Питкериўши-2023” атамасында концерт бағдарламасы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасып, бәрше питкериўшилерди, олардың ата-аналарын қутлықлады ҳәм бар билим, көнликпелеринен пайдаланып, елимиздиң раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосыўында табыслар тиледи.

Буннан соң оқыў орнын питкерип атырған бир қатар белсенди студент-жасларға дипломлар тапсырылды.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылғы оқыў жылында бакалавриат тәлим бағдары бойынша 5638 студент, магистратура қәнигеликлери бойынша 901 жас университетти тамамламақта. Олардыӊ арасынан ең жақсы нәтийжелерге ерискен стипендиантлар, пән олимпиадаларында, түрли көргизбели-таңлаўларда жоқары нәтийжелерди қолға киргизген жаслар көпшиликти қурайды. Соннан, усы оқыў жылдыӊ өзинде 2 магистратура 1 бакалавр тәлим бағдары студенти Өзбекистан Республикасы Президенти мәмлекетлик стипендиясыныӊ жеңимпазы болыў бахтына еристи.

Елимизде жасларға қаратылып атырған итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесинде алып барылып атырған болып, усы тийкарда оларға көплеген мүмкиншиликлер, өз қәбилетин, талантын ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарыўға үлкен шараятлар жаратылып берилмекте.

Оқыў орнын тамамлаған студент-жаслар арасынан өз кәсибиниң маманлары, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын кадрлар жетилисип шықпақта.

Илаж модалар көргизбеси ҳәм концерт бағдарламасы менен даўам етти.






Қарақалпақстан хабар агентлиги