22-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ екинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың Youtube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.

Сенаттың қырқ екинши мәжилисинде дәслеп «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң ҳәм олардағы жойбарлардың коррупцияға қарсы экспертизасы ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилиўинше, бүгинги күнге шекем нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ҳәм олардың жойбарларын коррупцияға қарсы экспертизадан өткериў нызам менен емес, ал Әдиллик министрлигиниң буйрығы менен тастыйықланған реже тийкарында тәртипке салынған. Бул болса, нызамшылық ҳүжжетлеринде коррупциялық бослықлардың жүзеге келиўине тийкар жаратпақта.

Бул нызам тараўдағы машқалаларды сапластырыў ҳәм оны тәртипке салатуғын бирден-бир нызам сыпатында ислеп шығылған. Нызам менен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардағы жойбарлардың коррупцияға қарсы экспертизасының тийкарғы принциплери белгиленбекте.

Буннан былай коррупцияға қарсы экспертизаны өткериў тек ғана Әдиллик министрлиги тәрепинен емес, ал Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, юридикалық хызмет хызметкерлери ҳәм тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў өзине жүкленген мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен де әмелге асырылыўы мүмкин.

Сондай-ақ, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қуралларына нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жәмийетлик экспертизасын өткериў ҳуқықы берилмекте.

Итибарлы тәрепи, жәмийетшилик тәрепинен усынылған ҳәм усыныслар тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен мәжбүрий түрде көрип шығылады.

Коррупцияға қарсы экспертизаны өткериўге байланыслы жумысты методикалық жақтан тәмийинлеў ҳәм мониторинг етиў Әдиллик министрлигине жүкленбекте.

Сенаторлар бул нызам мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарларын буннан былай да жетилистириўге, коррупциялық жағдайлардың алдын алыўға, сондай-ақ, әмелдеги ҳәм қабыл етилип атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер сапасының артыўына хызмет ететуғынын атап өтти.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, жалпы мәжилисте «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Нызам менен Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетин және Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорын судларға мүрәжат етиў ўақтында мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиў нәзерде тутылмақта.

Әмелдеги «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамның 8, 9 ҳәм 10-статьяларында Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети ҳәм оның аймақлық уйымлары – өзине жүкленген ўәкилликлерге муўапық судлар көрип шығыўы ушын киргизилетуғын наразылықлар бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген.

Бирақ Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен биринши инстанция судларының шешиўши қарарларына берилетуғын шағымлары әмелдеги нызамшылыққа муўапық мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилмеген деген сылтаўлар менен жоқары инстанция судлары тәрепинен қайтарылыў жағдайлары жүзеге келмекте.

Киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшаларға бола Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры ҳәм Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети және оның аймақлық уйымлары тәрепинен пуқаралық ислер бойынша судлар, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судларға даўа арза, арза ҳәм шағымлар менен мүрәжат еткенде мәмлекетлик бажыдан азат етилетуғыны нәзерде тутылмақта.

Сенаторлар нызамның қабыл етилиўи мәмлекетлик уйымларға судларға мүрәжат етиў ушын ажыратылған мәмлекетлик бажы төлеминен үнемленген қаржыларды исбилерменликти раўажландырыў, исбилерменлик субъектлериниң ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықлары және де исенимли қорғалыўын тәмийинлеў ушын қаратыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, «Атқарыў ҳүжжетлерин орынламағаны ушын салынатуғын ҳәкимшилик жәрийма муғдарын белгилеў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Додалаў процесинде атап өтилгениндей, кейинги жылларда мәмлекетимизде суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў механизмлери буннан былай да жетилистирилип, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў мақсетинде орынлаў процесслерин әмелге асырыўда халыққа кеңнен қолайлықлар жаратылмақта.

Әмелге асырылған жумысларға қарамастан, атқарыў ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўде айырым кемшиликлер сақланып атырғаны, бул тараўда тийисли өзгерислер киргизиў зәрүр екени сенаторлар тәрепинен атап өтилди.

Атап айтқанда, атқарыў ҳүжжети бойынша қарыздар өндирилиўи керек болған қарыздарлықты өз ўақтында төлемесе, Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен қарыздарға ҳәкимшилик жәрийма қолланылыўы, бул жәрийманың муғдары болса Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске бола пуқараларға 300 мың сумнан 1,5 миллион сумға шекем, лаўазымлы шахсларға 1,5 миллион сумнан 3 миллион сумға шекем белгилениўи мүмкин екени нызамшылық пенен беккемлеп қойылған.

Сенаторлар, егер қарыздар тәрепинен төлениўи керек болған қарыздарлық суммасы жәрийманың ең аз муғдарынан да кем болған болса да, қарыздарлыққа жоқары муғдардағы жәрийма тайынланыўы социаллық әдиллик принциплериниң бузылыўына, бул болса қарыздарлардың ҳақылы наразылықларына себеп болып атырғанына ҳәм бул жағдай тәбийғый түрде пуқаралардың төлем қәбилетине унамсыз тәсир көрсетип атырғанына айрықша итибар қаратты.

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске тийисли өзгерислер киргизилип, бул сапластырылмақта.

Атап айтқанда, қолланылатуғын жәрийманың муғдары орынлаў ҳүжжетинде өндирилиўи белгиленген суммадан жоқары болыўы мүмкин емес екени ҳаққында норма киргизилмекте.

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 1981-статьясында нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыўға ҳәм ҳәкимшилик жаза қолланыўға буннан былай Өзбекстан Республикасының Бас мәмлекетлик орынлаўшысы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының бас мәмлекетлик орынлаўшылары, олардың орынбасарлары, сондай-ақ, Мәжбүрий орынлаў бюросының район (қала)лық бөлимлериниң баслықлары ҳақылы екени белгиленбекте.

Сенаторлар тәрепинен нызамның қабыл етилиўи пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери исенимли қорғалыўына, атқарыў ҳүжжетти орынламағаны ушын қарыздарға әдил жәрийма тайынланыўына, Мәжбүрий орынлаў бюросы системасында немқурайдылықлардың ҳәм коррупциялық жағдайлардың алды алыныўына, сондай-ақ, қадағалаў күшейтилиўине хызмет ететуғыны атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин «Наркологиялық кеселликлер профилактикасы ҳәм оларды емлеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам қызғын додаланды.

Атап өтилгениндей, кейинги жылларда республикамызда наркологиялық кеселликлер профилактикасы, оларға диагноз қойыў ҳәм оларды емлеў, наркологиялық кеселликлерге шатылған шахсларды медициналық-социаллық реабилитациялаўды раўажландырыў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, бүгинги күнде наркологиялық кеселликлерге шатылған шахсларды мәжбүрий емлеўге жибериў ҳаққындағы материалларды тек ғана наркология мәкемелериниң, шаңарақ ағзаларының (туўысқанларының) өтинишине тийкарланып емес, ал ишки ислер уйымларының басламасы бойынша да рәсмийлестириў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Усы мүнәсибет пенен бул нызамға ишки ислер уйымларына наркологиялық кеселликлерге шатылған шахсларды мәжбүрий емлеўге жибериў ҳаққындағы материалларды рәсмийлестириў ўәкиллигиниң берилиўин, сондай-ақ, бул материалларды таярлаў тәртибиниң белгилениўин нәзерде тутатуғын тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Және бир киргизилип атырған қосымшалардан бири пуқаралардың наркологиялық тексериўден өткерилиўин, мәсләҳәт берилиўин, диагноз қойылыўын, наркологиялық кеселликлерге шатылған шахслардың амбулатория ҳәм стационар шараятларда емлениўин ҳәм медициналық-социаллық реабилитацияланыўын мәмлекет кепилликке алатуғыны белгилеп қойылмақта.

Буннан тысқары, наркологиялық кеселликке шатылған шахсты мәжбүрий емлеў зәрүрлигин анықлаўға байланыслы барлық клиникалық тексериўлер наркология диспансериниң өзинде, зәрүр жағдайларда болса тийисли қәнигелер болған басқа да медициналық мәкемелерде де өткерилиўи ҳаққындағы норма киргизилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи наркологиялық кеселликлерге шатылған шахсларды мәжбүрий емлеўге жибериў басламасы менен шығатуғын шахслар топарын кеңейтиўге, ҳуқықбузарлықлар жүз бериўиниң алдын алыўға ҳәм наркологиялық жәрдем көрсетиўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Есап палатасының жумысы буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, елимизде мәмлекетлик қаржы ресурсларын нәтийжели басқарылыўы, бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыўы үстинен мәмлекетлик финанслық қадағалаў системасын жетилистириў, сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўы нәтийжели шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў бойынша системалы илажлар көрилмекте.

Соның менен бирге, бүгинги күнде Есап палатасы жумысының ашық-айдынлығын арттырыў, әмелге асырылатуғын қадағалаў илажларының мақсетлери ҳәм тәртибин белгилеў, сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўлар тараўындағы нызамлардың орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыўда Есап палатасының ўазыйпаларын айқынластырыў зәрүрлиги айрықша әҳмийетке ийе.

Усы мүнәсибет пенен бул нызамда Есап палатасына аз муғдарда талан-тараж етилгени ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызамшылық бузылғаны, Қаржы министрлигиниң Мәмлекетлик финанслық қадағалаў уйымларына болса аз муғдарда талан-тараж еткени ушын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққында протокол дүзиў ўәкилликлерин бериў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, Есап палатасының өз ис-режелери, финанслық ҳуқықбузарлықлар ҳәм оларды сапластырыў нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматларды өзиниң веб-сайтына жайластырыўға ҳәм жәмийетшиликти өзиниң жумысы ҳаққында ҳәр шеректе хабардар етип барыўға байланыслы миннетлемелерди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Буннан тысқары, Есап палатасы тәрепинен әмелге асырылатуғын қадағалаўдың түрлери кеңейтилип, тексериў ҳәм үйрениўге байланыслы қадағалаў илажларының өзгеше тәреплери ашып берилген және оларды әмелге асырыў механизмлери ҳуқықый жақтан беккемленген.

Өз гезегинде, Сенат ағзалары тәрепинен нызам додалаў процесинде киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар Есап палатасының жумысын дурыс шөлкемлестириў, бюджет қаржылары үстинен системалы қадағалаў орнатыў нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ екинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети