Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев Кегейли ҳәм Бозатаў районларының көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслары менен ушырасты.

Атап өтилгениндей, елимизде кедешек әўладқа қаратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықлар нәтийжесинде тек ғана республикамыз көлеминдеги емес, халықаралық дәрежедеги таңлаўлар, жарысларда өзлерин көрсетип атырған жаслардың қатары көбейип бармақта. Соның менен бирге, бийбаҳа байлығымыз есапланған тынышлықтың қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлықты сақлаў, аўызбиршиликти еле де беккемлеў, усы тийкарда елимиздиң буннан былайда гүллеп-раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў ҳәр биримиздиң әдиўли миннетимиз болып табылады.

Қарақалпақстан көп миллетли аймақ есапланады. Бул диярда көплеген миллет ўәкиллери әзелден бир-бири менен ағайин болып жасап келген. Олар бир-бири менен қуда-қудағай болып, бир атаның перзентлериндей болып кеткен. Буннан тысқары, жасларға болған итибар, оларға көрсетилип атырған ғамхорлық, жаратылып берилип атырған имканиятлар бойынша әмелий жумыслар еле де даўам еттирилетуғынлығы атап өтилди.




Ушырасыў соңында бир қатар белсенди жасларға “Үмит ушқыны” көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.