Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Иран Ислам Республикасы Президенти Ибраҳим Раисийдиң мирәт етиўине бола 18-июнь күни рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болды.

«Меҳрабад» халықаралық аэропортында Тегеран қаласына келген Жоқары мәртебели мийманды Иран санаат, кәншилик ҳәм саўда министри Аббас Алиободий ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.







«Саадабад» комплексиниң «Жумҳури» сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысын Иран Ислам Республикасы Президенти Ибраҳим Раисий күтип алды.

Сарай алдындағы майданда жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан ҳәм Иранның мәмлекетлик байрақлары көтерилди.

Әскерий оркестр еки мәмлекет гимнлерин атқарды.


Президентлер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын қутлықлады.

Биргеликте сүўретке түсиў мәресиминен кейин жетекшилердиң тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти.




Мәмлекетимиз басшысы Иран Президентине бул мәмлекетке сапар менен келиўге мирәт еткени ҳәм Өзбекстан делегациясына көрсетилип атырған миймандослық ушын миннетдаршылық билдирди.

Еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер көрип шығылды. Тәреплер саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти буннан былай да кеңейтиўге айрықша әҳмийет қарататуғыны атап өтилди.

Президентлер өз-ара саўда көлемин арттырыў, транспорт ҳәм логистика тараўында бирге ислесиўди муўапықластырыў имканиятларын додалады.

Орайлық Азияны Иран менен байланыстыратуғын қысқа транспорт-логистика коридорларынан пайдаланыўға айрықша итибар қаратылды.

Энергетика, химия санааты, фармацевтика ҳәм медицина технологиялары, азық-аўқат санааты, тоқымашылық, санаат қурылыс материаллары, машина қурылысы, үскене қурылысы ҳәм электротехника тармақларында қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў илажлары көрип шығылды.

Аграр бағдарында ыссыханалар шөлкемлестириў, аўыл хожалығы үскенелерин ислеп шығарыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, бағшылық ҳәм балықшылықта, қурғақшылыққа шыдамлы егислик түрлерин селекциялаўда тәжирийбе алмасыў тараўларында бирге ислесиўге келисип алынды.

Тәреплер мәдений, илимий-инновациялық байланысларды кеңейтиўге умтылысын атап өтти. Еки мәмлекет ҳүкиметлериниң исбилерменлер ҳәм илимпазлар арасындағы сөйлесиўлерди раўажландырыўға жәрдемлесетуғыны атап өтилди.

Халықаралық терроризм, наркотрафик, кибертерроршылық, адам саўдасы сыяқлы глобаллық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде тәреплердиң ҳәрекетлерин бирлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Мәмлекет басшылары Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, бул мәмлекеттиң социаллық-экономикалық тиклениўине жәрдемлесиў мәселелери бойынша сөйлесиўди даўам еттириўге келисип алды.

Түрли халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Иран Ислам Республикасы Президенти Ибраҳим Раисийдиң сөйлесиўлери еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам етти.

Халықларымыз арасындағы әзелий мәдений-гуманитарлық байланыслар Өзбекстан – Иран қатнасықларын раўажландырыў ушын беккем тийкар болып хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан басшысының Иранға сапары еки тәреплеме байланысларды кең көлемли бирге ислесиў дәрежесине көтериўге қаратылған.

Президентлер тар шеңбердеги ушырасыў жуўмақларын жоқары баҳалады ҳәм Өзбекстан ҳәм Ираннан 200 ден аслам исбилерменлердиң қатнасыўында өткен бизнес-форум нәтийжелерин қоллап-қуўатлады.

Еки мәмлекеттиң сыртқы ислер министрликлери менен конструктивлик сөйлесиў ҳәм парламентлеримиз арасында тығыз бирге ислесиў алып барылып атырғаны атап өтилди.

Саўда-экономикалық тараўда өз-ара товар алмасыў көлеми турақлы артып атырғаны бақланбақта. Мәмлекетлеримиздиң транспорт-транзит коммуникацияларынан пайдаланыўды кеңейтиў исбилерменлик байланысларының жеделлесиўине ҳәм жүк тасыўлардың артыўына исеним билдирди.

Инновациялар, жасалма интеллект, нанотехнологиялар, кибернетика, технологиялар трансфери сыяқлы тараўларда тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Аймақлараралық бирге ислесиў раўажланып атырғаны, соның ишинде, Бухара ўәлаяты ҳәм Ҳамадан провинциясы, Самарқанд ҳәм Исфахан қалалары арасында тиккелей байланыслар орнатылып атырғаны қоллап-қуўатланды.

Еки мәмлекет пайтахтлары арасындағы турақлы авиақатнаўлардың көбейиўи исбилерменлик байланыслары ҳәм өз-ара туристлер ағымының артыўына хызмет ететуғынына исеним билдирилди.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетинде Өзбекстан Илимлер академиясының фондларында сақланып атырған ески қолжазбаларды терең үйрениў ушын қоспа илимий топар дүзиўге келисип алынды.

Сөйлесиўлер жуўмағында мәмлекет басшылары бир қатар қоспа «жол карта»ларын таярлаў ҳәм ерисилген келисимлерди нәтийжели әмелге асырыў механизмлерин енгизиў бойынша тапсырма берди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмақланғаннан кейин, еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Иран Ислам Республикасы Президенти Ибраҳим Раисий еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў ҳаққындағы Биргеликтеги билдириўге қол қойды.

Буннан тысқары, сапар шеңберинде ҳүкиметлер, уйымлар ҳәм аймақлар дәрежесинде 15 ҳүжжет қабыл етилди.

Ҳүкиметлер арасындағы жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим, Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳәм Иран Миллий стандарт шөлкеми арасындағы бирге ислесиў бағдарламасы, Технологиялар ҳәм инновациялар тараўында бирге ислесиў бойынша Ҳәрекетлер режеси усылардың қатарына киреди.

Қоспа еркин экономикалық зоналарды дүзиў, фармацевтика, транспорт ҳәм транзит тараўларында бирге ислесиў ҳаққында меморандумлар қабыл етилди.

Сондай-ақ, Спорт тараўындағы бирге ислесиў бойынша қоспа илажлар режеси, Режелерди шешиў ҳәм арбитраж ҳаққында аңласыў меморандумы, Қайта қамсызландырыў тараўында бирге ислесиў бойынша факультатив келисим ҳәм басқа да ҳүжжетлерге де қол қойылды.




Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Иран Ислам Республикасына рәсмий сапары шеңберинде Тегеран қаласында инновациялар ҳәм технологиялар қәнигелестирилген көргизбесине келди.

Мәмлекетимиз басшысын Иран Президенти Ибраҳим Раисий ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.


Көргизбеде Иранның ири илим ҳәм өндирис компанияларының жоқары технологиялар ҳәм инновациялар, машина қурылысы, үскене қурылысы, медициналық техника, фармацевтика, заманагөй қурылыс материаллары, тоқымашылық тармақларындағы өнимлери усынылған.

Өзбекстан жетекшиси компаниялардың стендлерин көзден өткерди. Иран санаатшылары түрли турбиналар, дәри-дәрмақ қураллары ҳәм олардың ингридиентлери, медициналық үскенелер, нефть катализаторлары ҳәм жасалма таўарлар бағдарындағы ең жаңа қолланбаларды көрсетти.

Президентимиз компаниялардың басшылары менен сөйлести, жаңа технологиялардың презентациялары менен танысты. Көргизбе менен танысыў жуўмағында өзбекстанлы жуўапкерлерге иранлы исбилерменлер менен биргеликте жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойыў, мәмлекетимизде Иран технологиялары ҳәм инновациялық шешимлерин енгизиў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыў имканиятларын үйрениў тапсырылды.

Ташкент қаласында Иран инновациялар ҳәм технологиялар үйиниң (IHIT) филиалы ашылды. Оның жумысы инновациялық технологиялар ҳәм илимий қолланбалар трансфери тараўында мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев рәсмий сапар шеңберинде Иран Ислам Республикасы Жоқары диний басшысы аятуллаҳ Сайид Али Хоманеий менен ушырасты.

Мәмлекетимиз басшысы Иран жеринде Өзбекстан делегациясына көрсетилип атырған қызғын қабыллаў ҳәм миймандослық ушын миннетдаршылық билдирди.

Дослық сәўбетте тәреплер өз-ара байланысларды раўажландырыў ҳәм беккемлеўге айрықша итибар қаратып, Өзбекстан менен Иран арасындағы кең көлемли бирге ислесиўди және де кеңейтиў бағдарында режелестирилген илажларды додалады.

Көп әсирлер даўамында халықларымызды мәдений-тарийхый уқсаслық байланыстырып турғаны айрықша атап өтилди.

Өз-ара сөйлесиўлер жеделлесип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилип, перспективалы қоспа жойбарлар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў зәрүр екени көрсетип өтилди.

Саўда, инновациялар ҳәм жоқары технологиялар, инвестициялар, санаат кооперациясы, транспорт ҳәм коммуникациялар, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў сыяқлы тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша әмелий жумыслар исленип атырғаны атап өтилди.

Регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысты

Ушырасыў қызғын ҳәм исенимли орталықта, конструктивлик сөйлесиў руўхында өтти.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Иран Ислам Республикасына рәсмий сапары жуўмақланды.






ӨзА