Нөкис районында БМШ Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Европа Аўқамы жәрдеминде жаңа инклюзив Мәмлекетлик хызметлер орайының (МХО) ашылыў мәресими болып өтти.







Бул орай Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Европа Аўқамы ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханасының «Өзбекстанның аўыллық аймақларында мәмлекетлик хызметлерди усыныўды жетилистириў ҳәм басқарыў дәрежесин арттырыў» қоспа жойбары шеңберинде пилот (сынақ) тәризинде таңланған орайдан бири болып есапланады. Жойбар пилот аймақлардағы жаңа орайларды, солардың қатарында, Нөкис районындағы Мәмлекетлик хызметлер орайын заманагөй IT ҳәм коммуникация үскенелери (серверлер, компьютерлер, тармақ ҳәм телекоммуникация қурылмалары, видеобақлаў қурылмалары, пайдаланыўшылардың пикир-усынысларын жыйнаў қурылмалары ҳәм басқалар) ҳәм пуқаралар ушын қолайлы күтиў залы ҳәм заманагөй кондиционер системалары менен үскенелеўге жәрдем береди.

Имарат қурылысында оның заманагөй қала қурылысы нормаларына сәйкес келиўи, пуқаралар, әсиресе, физикалық имканияты шекленген инсанлар ушын ең қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылды. Жаңа орайда электрон гезек системасы, мәлимлеме киоски, өз-өзине электрон хызмет көрсетиў ушын заманагөй аймақ, балалар майданшасы ҳәм мини китапхана бар. Сондай-ақ, келиўшилердиң мәмлекетлик хызметлерди еркин түрде алыў жоллары ҳәм имканиятлары ҳаққында хабардарлығын арттырыў ушын мәлимлеме стендлери менен плакатлар орнатылған.

Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде мәмлекетлик хызметлерден экстерриториаллық принципи тийкарында, яғный жасаў ямаса болып турған орнына қарамастан, пайдаланыў тәртиби енгизилген. Нөкис районындағы жаңа Мәмлекетлик хызметлер орайы 280 мәмлекетлик хызметти көрсетеди ҳәм күнине 300 ге шамалас халыққа хызмет көрсетиў имканиятына ийе.

Орай халықтың барлық қатламлары, соның ишинде, жас балалы ҳаяллар, майыплығы бар шахслар, жаслар ҳәм кекселерге де мөлшерленген. Мәселен, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўды жақсылаў мақсетинде Мәмлекетлик хызметлер орайында пандуслар, услағышлар, сондай-ақ, майыплар ушын арбашалар, көзи әззи шахслар ушын тактиль плиткалар, имарат режесиниң Брайль әлипбесинде усынылған мағлыўмат столы, майыплар арбашасында ҳәрекетлениўши шахслар ушын мәмлекетлик хызметлерди алыўда қолайлық жаратыў ушын арнаўлы бейимлестирилген стол ҳәм арнаўлы ҳәжетхана менен үскенеленген.

БМШ Раўажланыў бағдарламасының Европа ҳәм Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы бойынша регионаллық бюросының директоры Ивана Живковичтиң атап өтиўинше, бул жерде ҳаял-қызлар бийпул юридикалық ямаса психологиялық жәрдем алыўы, жаңа көнликпелерди раўажландырыўы ҳәм исбилерменлик жумысын баслаўы ушын мәсләҳәт жәрдемин алыўы мүмкин. Мәмлекетлик хызметлер орайында жаслар өзлерин кеўиллилер сыпатында сынап көриў имканияты бар, ҳәр қандай келетуғын инсан болса онлайн хызметлерден пайдаланыў бойынша зәрүр билимлерге ийе болады.

Нөкис районлық Мәмлекетлик хызметлер орайында басқа да пилот орайларында болғаны сыяқлы, бир қанша басламалар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, «Ҳаял-қызлар мәсләҳәт топарлары» (ХМТ), олар Өзбекстанның аўыллық жерлериндеги ҳаял-қызлар, кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар арасында мәмлекетлик хызметлерди алыў имканиятлары ҳәм тәртиплери ҳаққында хабардарлықты арттырыў, сондай-ақ, зәрүр ҳуқықый, психологиялық ҳәм мәсләҳәт жәрдемин көрсетпекте. «Волонтёрлық» бағдарламасы мәмлекетлик хызметлер орайларының жумысы социаллық қорғаўға мүтәж қатламларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде жәрдемлесиўде кеўиллилерди тартыўға қаратылған. Барлық волонтёрлар шетки аймақларда мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде халық пенен қарым-қатнас жасаўға таярлаў ушын оқытылады.

Халықтың кең қатламы ушын компьютер билимданлығын арттырыў, бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм МКТдан пайдаланыў курсларын шөлкемлестириў режелестирилген.

Өзбекстанда пуқаралардың, әсиресе, халықтың ең әззи қатламларының мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў Өзбекстан ҳүкимети ушын кейинги жылларда әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарғы бағдары болып келмекте. Бул реформалар 2030-жылға шекем Өзбекстанның БМШтың Турақлы раўажланыўындағы 5-мақсет: гендер теңлиги, 10-мақсет: теңсизликлерди азайтыў, 16-мақсет: тынышлық, әдиллик ҳәм күшли институтларға ерисиўине және де жақынластырыўға жәрдем берди.

Илаж қатнасыўшылары жаңа инклюзив Мәмлекетлик хызметлер орайында хызметкерлер ҳәм халық ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы