Орынларда өткерилип атырған профилактикалық илажлар, үгит-нәсият жумысларына қарамастан айырым пуқаралар тәрепинен нызамшылық талапларына қайшы түрде темеки өнимлерин бажыхана шегаралары арқалы жасырын түрде алып кириўге урыныў жағдайлары анықланбақта.

– Атап айтқанда, «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы Россия Федерациясынан Өзбекстан Республикасына кирип киятырған пуқара бажыхана қадағалаўынан өткерилди. Усы пуқараның жолаўшы бажыхана декларациясында жазып көрсетилмеген ҳәм бажыхана хызметкериниң аўыз-еки сораўында айтылмаған, дәслепки сораўларға бола баҳасы 1 миллион 350 мың сумлық 90 қутыда “KENT” атамасындағы темеки өнимлерин нызамсыз түрде алып кирип киятырғаны анықланды,-дейди басқарманың жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының бас инспекторы Ю.Қудиярова.

Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 24-майдағы «Алькоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыўын ҳәм пайдаланылыўын шеклеў ҳаққында»ғы Нызамының 33-стаьясына муўапық, Өзбекстан Республикасына алькоголь өнимлерин импорт етиў бажыхана төлемлерин өндириў ҳәм экономикалық сиясат шараларын қолланыў жолы менен тәртипке салынады.

Ҳәзирги ўақытта усы жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәм сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги