Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелланың мирәт етиўине бола 7-9-июнь күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болды.

Мәмлекетимиз басшысы Италияға рәсмий сапары шеңберинде Милан қаласында Ломбардия губернаторы Аттилио Фонтана менен ушырасыў өткерди.

Италияның арқа тәрепинде жайласқан Ломбардия мәмлекеттиң халық саны ҳәм майданы бойынша ең ири ҳәм экономикалық жақтан ең раўажланған аймақларынан бири есапланады. Ўәлаят республика жалпы ишки өниминиң 22 процентин тәмийинлейди ҳәм бул көрсеткиш бойынша Ервопа Аўқамында бесинши орынды ийелейди.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Аттилио Фонтананы губернатор етип қайта сайланғаны менен қутлықлады ҳәм бул лаўазымдағы жумысына табыслар тиледи.

Күни кеше Италия Президенти Сержо Маттарелла ҳәм Бас министр Джорджа Мелони менен өткен сөйлесиўлер нәтийжели болғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилип, олар даўамында аймақлараралық байланысларды раўажландырыў қоллап-қуўатланғаны атап өтилди.

Ушырасыўда, бәринен бурын, саўда-экономикалық тараўдағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң әмелий тәреплери додаланды.

Өткен жылы Өзбекстан аймақларының Ломбардия менен товар алмасыў көлеми 83 процентке артты. Апрель айында Милан ҳәм Ташкент арасындағы авиақатнаўлар қайта тикленди.

Аймақтың Pietro Fiorentini, Terranova, Danieli, Fin. Opera жетекши компаниялары менен беккем шериклик байланыслары жолға қойылған.

Өзбекстан Президенти қоспа саўда ҳәм инвестициялық жойбарлар портфелин кеңейтиў, Италияның алдынғы технология ҳәм билимлерин Өзбекстан экономикасы тармақларына буннан былай да кеңнен тартыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Ломбардия менен кең көлемли бирге ислесиў бағдарламасын тез пурсатта таярлаў Самарқандта қоспа инвестициялық форумды өткериў зәрүр екени атап өтилди.

Санаат кооперациясын раўажландырыў, исбилерменлик басламаларын алға қойыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, медицинада мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў, инновацияларды раўажландырыў, мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў, соның ишинде, Мәденият күнлерин өткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Губернатор Ломбардия исбилермен топарларының Өзбекстандағы жойбар ҳәм басламалары ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атырғаны ушын Президентимизге қызғын миннетдаршылық билдирди. Мәмлекетимиз аймақлары менен кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы шерикликке жәрдемлесиўге таяр екенин атап өтти.



Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Аттилио Фонтанаға 2026-жылы Ломбардияда болып өтетуғын қысқы Олимпиада ойынларына таярлық көриўде табыслар тиледи.

Италия Республикасына рәсмий сапардың исбилерменлик илажлары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Милан қаласында усы мәмлекеттиң инвесторлары ҳәм ири бизнес ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда Италия тәрепинен Ломбардия ўәлаяты губернаторы Аттилио Фонтана, «Италия – Өзбекстан» саўда палатасы президенти Жоржо Веронези, сондай-ақ, Eni, Enel, Pietro Fiorentini, Saipem, Energy System, Imagro Group, HT Holding, Danieli, SACE, Ferroli Group, Arsenale Group, Pirelli сыяқлы жетекши компания ҳәм корпорациялар, ассоциация ҳәм қаржы институтларының 25тен аслам басшылары қатнасты.

– Дүнья цивилизациясының ески бесиклеринен бири, бай мәдений мийрас ҳәм жоқары технологиялар орайы, художник ҳәм шайырлардың бир неше әўлады ушын илҳам дәреги болған бийтәкирар елиңизге бул мениң биринши сапарым, – деди Президент илаж алдынан. – Ушырасыўымыз әйне Миланда – жедел исбилерменлик процесслери қызғын өтип атырған, инновация ҳәм технологиялар ойлап табылып атырған, санааттың жаңа тармақлары раўажланып атырған заманагөй экономикалық орайда өтип атырғаны рәмзий мәниге ийе.

Кейинги жылларда Өзбекстан менен Италия арасындағы экономикалық бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Мәмлекетимизде Италия инвестициясының қатнасыўындағы заманагөй кәрханалар саны еки есеге көбейди. Өз-ара саўда көлеми избе-из артып бармақта. Электротехника, металлургия тараўларында ҳәм инфраструктураны раўажландырыў бойынша бир қатар қоспа жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы күни кеше Италия Президенти Сержо Маттарелла ҳәм Бас министри Джорджа Мелони менен өткерилген сөйлесиўлер нәтийжели ҳәм конструктивлик болғанын атап өтти.

– Мазмуны жағынан, биз мәмлекетлеримиз қатнасықларын стратегиялық шериклик дәрежесине көтерип, олардың тарийхында жаңа басқышты басладық. Саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге, бизнес ушын қолайлы шараятлар жаратыўға, қоспа жойбарларды қаржыландырыўдың бейимлесиўшең механизмлерин енгизиўге, басламаларымызды қоллап-қуўатлаўға келисип алдық. Сондай-ақ, санаат кооперациясын раўажландырыў ушын бағдарларды белгилеп алдық, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ерисилген барлық келисимлердиң орынланыўына әйне Италия бизнес ўәкиллери үлкен үлес қоса алады. Қалаберсе, сапардан алдын еки мәмлекет исбилермен топарларының дерлик 300 ўәкилиниң қатнасыўында өткерилген қоспа бизнес-форум Италия инвесторларының Өзбекстанға қызығыўшылығын тастыйықлады.

Бул илаж жуўмағында улыўма баҳасы 9 миллиард евродан аслам болған бир қатар жаңа инвестициялық келисимлер ҳәм саўда келисимлерине қол қойылды. Олар энергетика, газ-химия ҳәм нефть-газ тармағы, металлургия, химия, тоқымашылық санааты ҳәм аўыл хожалығында үлкен кооперация жойбарларын әмелге асырыўды нәзерде тутады.

Ушырасыў даўамында мәмлекетимиз басшысы дүнья экономикасындағы айрықша тербелислер ҳәм глобаллық жеткерип бериў шынжырларының бузылыўы шараятында исеним ҳәм ҳүрмет принциплерине тийкарланған конструктивлик, ашықтан-ашық сөйлесиў әҳмийетли екенин атап өтип, Өзбекстан Италия бизнесине елимизде жумыс алып барыўы ушын қоллап-қуўатлаў илажлары ҳәм нәтийжели майдан усыныўға таяр екенин билдирди.

Президентимиз Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформа ҳәм жаңаланыўларға айрықша тоқтады. Еркин базар механизмлерин енгизиў, саламат бәсеки ҳәм жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, нәтийжели мәмлекетлик басқарыў системасын енгизиў бағдарында исленип атырған избе-из жумыслар ҳәм бизнес жүргизиў ушын максимал қолайлықлар жаратыўға қаратылған басқа да унамлы өзгерислер атап өтилди.

– Бүгин бизлерде бизнесиңиздиң раўажланыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Турақлылық, исенимли кепилликлер, қолайлы инвестиция орталығы тәмийинленген. Ҳәр бириңизди Жаңа Өзбекстан – ҳақыйқайтында да шексиз имканиятларға ийе бийтәкирар мәмлекет екенине исеним пайда етиў ушын елимизге келиўге мирәт етемен – деди Президент Шавкат Мирзиёев.

Атап өтилгениндей, Өзбекстанның бай тәбийғый ресурслары ҳәм маман кадрларын Италияның технологиялық ҳәм санаат потенциалы менен бирлестириўден пайда болатуғын синергия қосымша қунлы баҳалы өнимлерди биргеликте ислеп шығарыў және оларды үшинши мәмлекетлер базарына экспорт етиў имканиятын береди.

Усы мәнисте, энергетика, азық-аўқат ҳәм тоқымашылық санааты, аўыл хожалығы, химия ҳәм автомобиль қурылысы, электротехника ҳәм көплеген басқа да тараўлар менен бирге ислесиў ушын перспективалы екени атап өтилди.

Шерикликти кеңейтиў бойынша режелер тийкарында ҳәр тәреплеме пикир алысылды. Италия исбилерменлик топарларының ўәкиллери мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин жоқары баҳалап, олар узақ мүддетли бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етип атырғанын атап өтти.

Өзбекстан Италия компаниялары ушын перспективалы Орайлық Азия регионы менен ислесиў имканиятларын ашатуғын стратегиялық шерик екени атап өтилди.

Италия исбилерменлери ҳәм инвесторлары Өзбекстанда өз-ара пайдалы қоспа жойбарларды әмелге асырыў, онда жоқары технологиялар ҳәм инновациялық шешимлерди енгизиў бойынша анық усыныс ҳәм режелерди билдирди.

Мысал ушын, Ломбардия ўәлаяты менен аймақлараралық бирге ислесиў бағдарламаларын кеңейтиў, Өзбекстанда газ бөлистириў системасын ҳәм Ташкент қаласында электр бөлистириў тармақларын модернизациялаў, Ташкент ыссылық электр станциясын технологиялық жақтан қайта үскенелеў, бир қатар заводлар қурыў, соның ишинде, шығындыларды жағыў арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў, калий хлорды тазалаў, калий гидроксид, қурылыс материаллары, аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыўды жолға қойыў, шафран плантацияларын кеңейтиў, «Өзметкомбинат» АЖның өндирислик қуўатлылығын арттырыў, Турин политехника университети менен биргеликте Италия технология ҳәм инновациялар орайын дүзиў ҳәм басқа да жойбарлар ҳаққында сөз етилди.

Буннан тысқары, санаат ушын кадрлар таярлаў бойынша келисимлерге ерисилди.

Өзбекстан жетекшиси ушырасыўда айтылған ҳәр бир басламаны комплексли «жол картасы»на киргизиўге көрсетпе берди. Өзбекстан министрликлери ҳәм уйымларының басшыларына италиялы бирге ислесиўшилерге мәмлекетимиздеги ағымдағы ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў тапсырылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Италияға рәсмий сапардың исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде усы күнлерде Милан қаласында өтип атырған «ITMA 2023» тоқымашылық машина қурылысы халықаралық көргизбеси менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысына Ломбардия ўәлаятының губернаторы Аттилио Фонтана ҳәм көргизбе шөлкемлестириўшиси – «Sematex» агентлигиниң баслығы Эрнэсто Маурэр басшылық етти.

«ITMA 2023» – ҳәр төрт жылда бир рет өткерилетуғын тоқымашылық ҳәм тигиўшилик технологияларына бағышланған дүнья жүзиндеги ең ири көргизбе. Соңғы көргизбе 2019-жылы Барселона қаласында өтти. Усы жылы 20 гектар майданды ийелеген көргизбеде 47 мәмлекеттен 1 700 қатнасыўшы ҳәм түрли мәмлекетлерден 100 мыңға шамалас мийман қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы жип ийириў ҳәм тоқыў үскенелерин ислеп шығарыўда дүнья жүзинде жетекши болған «ITEMA» (Италия), «Stäubli Group» (Швейцария), «Picanol», «Vandewiele» (Бельгия) ҳәм басқа да компаниялардың стендлерин көзден өткерди.

Сапар ўақтында Шавкат Мирзиёев компаниялардың басшылары менен сөйлести, жаңа технологиялық шешимлердиң презентациялары менен танысты.

Өзбекстанда тоқымашылықты раўажландырыў бойынша қоспа бағдарламаларды жолға қойыў, жаңа кооперация жойбарларын әмелге асырыў, тоқыў үскенелери ҳәм олардың аўысық бөлеклерин локализациялаў, компаниялардың ўәкилханалары ҳәм үскенелерге хызмет көрсетиў орайларын ашыў, технологларды таярлаў бағдарламасын ислеп шығыў, илим ҳәм заманагөй технологиялар бағдарында бирге ислесиў орнатыў ҳәм басқа да басламалар додаланды.

Президентимиз робототехника ҳәм жасалма интеллекттен пайдаланған ҳалда жаңа, талабы жоқары болған «супер-материаллар» жаратыў мақсетинде елимизде таўарды қайта ислеў ушын ең заманагөй үскенелер ҳәм инновациялық шешимлерди енгизиў перспективалы екенин атап өтти.

Жаңа технологиялар жоқары қосымша қунға ийе өтимли өнимлерди ислеп шығарыў, тоқымашылық тармағының экспорт потенциалын арттырыўға, үскенелерди ислеп шығарыў бойынша жойбарлар болса жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.

Танысыў жуўмағында жуўапкер басшыларға Өзбекстанда үскенелерди локализациялаў, өндирис қуўатлылықларын релокациялаў ҳәм оқыў бағдарламаларын әмелге асырыў имканиятларын үйрениў тапсырылды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президени Шавкат Мирзиёевтиң Италияға рәсмий сапары жуўмақланды.


ӨзА