Нөкисте Өзбекстан мусылманлары мәкемеси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, “Вақф” қайырқомлық фондының басламасы менен “Сиз бизге  керексиз!” қайырқомлық акциясы өткерилди.

Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, “Вақф” қайырқомлық фонды Қарақалпақстан бѳлиминиң баслығы И.Тажетдиновлар шығып сөйлеп, елимизде кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж, майыплығы болған пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кем көлемли илажларға тоқтап өтти.

Илажда еситиў ҳәм сөйлеў қәбилетинде нуқсаны бар, социаллық қорғаўға мүтәж 100 жерлесимиздиң ҳәр бирине “Қураны кәрийм” китабы ҳәм азық-аўқатлық затлар тапсырылды. Оларға дастурхан жайылып, Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы, Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң басламасы менен быйылғы жылы биринши мәрте Ҳажы сапарына жиберилген майыплығы болған пуқаралардың алған тәсирлери туўралы түсирилген видеофильм қойып берилди.



Илаж қатнасыўшылары көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлығы ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги