Қанлыкөл районындағы Қанлыкөл мәкан пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов ҳәм райондағы пуқаралар жыйынларының ақсақаллары, көше бийлериниң қатнасыўында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда пуқаралар жыйынларының жумыслары, халықтың турмыс абаданшылығын тәмийинлеўге қаратылған бүгинги күнги әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.

Атап өтилгениндей, елимизде кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, аўызбиршилигин сақлаў тыныш-татыў турмыстың тийкары болып есапланады.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық реформаларды әмелге асырыўда пуқаралардың белсенлигин еле де арттырыў үлкен әҳмийетке ийе.

Илажда бул бойынша пикир-усыныслар билдирилип, районда усы бағдарда әмелге асырылатуғын илажлар белгиленди.



Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги