Қоңырат районында ғәлле орым-жыйынын баслаўға пуқта таярлық көрилмекте. Орым алдынан аймақларда секторлардың, ғәллешиликке қәнигелескен фермер хожалықларының басшылары, машина-трактор парклериниң жуўапкерлери, тәжирийбели қәнигелер ҳәм механизаторлардың қатнасыўында көргизбели семинарлар шөлкемлестирилип, техникалардың мәўсимге таярлығы тексерилмекте.

Районда 2023-жылдың өними ушын 130 фермер хожалығы тәрепинен жәми 3 мың 400 гектар майданда орым-жыйын жумыслары алып барылыўы режелестирилмекте. Ғәллени өз ўақтында сапалы орып алыў ушын 13 орым-жыйын отряды дүзилип, 13 комбайн мапазға таяр етилди.

«Қўнғирот озуқа экинлари» фермер хожалығының дала майданында өткерилген семинарда быйылғы жылдың ғәлле орымына старт берилди. Семинарда район ҳәкими Б.Мадаминов, сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, район фермерлери, комбайншылар ҳәм басқа да аўыл хожалығы тараўына байланыслы жуўапкерлер  жетистирилген зүрәәтти тез ҳәм сапалы орып-жыйнап алыў, қәўипсизлик қайғыйдаларына қатаң әмел етиў, комбайншыларға қолайлы шараятлар жаратыў бойынша пикир-усынысларын билдирди. Комбайн ҳәм тасыў техникаларының мәўсимге таярлығы сөзден өткерилди. Жанылғы-майлаў материалларында жүзеге келиўи мүмкин болған машқалалардың алдын алыў, ғәлле орым-жыйын отрядларына шараятлар жаратып бериўге айрықша итибар қаратылды.


Семинар соңында районның жасы үлкен нураныйлары ғәлле орымы мәўсиминиң берекетли келиўин сорап, пәтиясын берди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги