Усы жыл 8-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың  Қытай Халық Республикасының “FUJIAN ZHENGYUE DEVELOPMENT CO. LTD” кәрханасы баслығы Джиангжин Денг ҳәм BA Association кәрханасы баслығы Б.Абдуллаевларды қабыллаўы болды.

Ушырасыўда республикамыз аймағында жаңа жумыс орынларын жаратыў, сырт ел инвестицияларын тартыў арқалы бирге ислесиў, Қытай мәмлекети технологиялары тийкарында өндиристи жолға қойыў мәселеси сөз етилди. Инвесторлар тәрепинен ири көлемли жойбарларды әмелге асырыў, металлды қайта ислеўши кластер жумысын жолға қойыў ҳәм бул арқалы 300 ден аслам жаңа жумыс орнын жаратыў, кәрхана жумысларын жолға қойыў ушын жер майданлары ажыратылыўын тәмийинлеў ҳәм басқа да усы бағдардағы мәселелер бойынша сөйлесиўлер алып барылды.


Өз гезегинде Жоқарғы Кеңестиң Баслығы елимизде өндирис пенен байланыслы кәрханалардың жумысын жолға қойыў, санаатты раўажландырыў ҳәм ири көлемли жойбарларды әмелге асырыў бойынша басламалар бәрқулла қоллап-қуўатланатуғынлығын, инвестициялық жойбарлары менен келген инвесторларға барлық мүмкиншиликлер жаратылатуғынлығын атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги