Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ тәбийғый илимлер илимий-изертлеў институтының минерал төгинлер химиясы топарының басшысы Сали Баўатдинов жер асты байлықларынан минерал төгин алыўдың 3 технологиясын ойлап тапқан еди.

Илимпаз усы ойлап табыўлар ҳаққында Өзбекстан Миллий мәлимлеме  агентлиги – Өз Аның хабаршысына төмендегилерди айтып берди.

-Бул минерал төгинлер Қарақалпақстан жеринде бар болған фосфорит, глауконит, бентонит сыяқлы жер асты байлықларынан алынады,-дейди С.Баўатдинов. – Биринши ойлап табыў-фосфоритден төгин алыў. Қарақалпақстандағы фосфоритлер елимиздеги басқа да фосфоритлерден (Қызылқум, Гулёб) физикалық-химиялық жақтан ажыралып турады. Қарақалпақстан жериндеги фосфоритлерди пайда ететуғын кристаллар бир-бири менен жайласыў бослығы, топырақта әсте ерийтуғыны илимий жақтан дәлийлленген.

Қарақалпақстан фосфоритлери тийкарынан суўда еримейтуғын орташа дузлардан қуралған. Соның ушын ондағы фосфорды жүдә қыйыншылық пенен өзлестиреди (ашшы топырақ шараятларынан тысқары). Изертлеў нәтийжесине бола, шығанақлы фосфоритлерди фосфорит уны түринде тиккелей топыраққа салыў мүмкин екенлиги анықланды. Оннан аўыл хожалығында орташа дузланған топырақта пайдаланса болады. Нәтийжелилиги әпиўайы суперфосфаттан қалыспайды. Демек, жергиликли жаңа минерал төгин пайда болды.

Минерал төгин химиялық атамасы бойынша-дуз. Кислоталылығы 3-4  процент көрсеткишге ийе болған минерал төгин жердиң шорланыўына алып келеди. Егер минерал төгинлер менен фосфоритти араластырса (араласпа таярланса) оннан алынған минерал төгинниң кислоталылығы азаяды, жердиң шорланыў дәрежеси де төменлейди. Өсимликтиң минерал төгин алыў коэффициенти артады.

Екинши ойлап табыў- глауконит төгини. Қарақлпақстанда глауконит минералы кең тарқалған. Глауконит минералында өсимлик ушын керекли болған калий оксиди, бизиң кейинги анықлаўымыз бойынша, 30 дан аслам макро-микро элементлер бар. Бул химиялық затлардың көпшилиги оксид ҳалында екени дәлийлленбекте. Бул элементлер топырақта жақсы ерийтуғыны тәжирийбелер даўамында анықланып атыр.

Глаукониттен алынатуғын минерал төгинниң пайдасы үлкен. Бириншиден, минерал төгин экологиялық жағдайдың жақсыланыўына алып келеди. Атызларға берилип атырған фосфор төгининиң жумсалыўын 40-50 процент, азотты 20-30 процент, калий төгинин  70-80 процентке азайтады, тийкарғысы, қаржы үнемленеди. Екиншиден, өсимликтиң вегетация ўақтында топырақтың ызғарлығын үш ай даўамында  70-75 процентке услап турады, топырақтың қурамын жақсылайды. Глауконит тәбийғый төгини-топырақты калий төгини менен байытады ҳәм оның қурамын жақсылайды. Өсимликтиң раўажланыўын тезлетеди, ҳәр қыйлы кеселликлерден қорғайды. Химиялық зәҳәрли элементлерди өзине сорып алады, топырақты тазалайды. Жердеги гумус (ширинди) муғдарын арттырады.

Гумус қурамында 5 процент азот, 20-30 процент фосфор, 70-80 процент күкирт болады. Глауконитте ҳәм оннан алынатуғын төгинлерде бизиң илимий мағлыўматларға бола, мыс, цинк, кобальт, ванадий, бор сыяқлы макро-микро элементлердиң бар екенлиги анықланды. Егер олар жетиспесе, өсимлик жақсы раўажланбайды, жақсы өним бермейди, экологиялық процесслерге шыдамсыз болады.

2016-жылы Өзбекстан ИА Қарақалпақстан бөлими жанында саатына  400-500 килограмм байытылған глауконит ислеп шығарыў қуўатлылығна ийе арнаўлы цех иске түсирилди. 25 тоннаға шамалас глаукофос, глаукокалий төгинлери 21 фермер хожалығына тәжирийбе сыпатында берилди. Нәтийжеде пахта өнимдарлығы күтилгенинен да жоқары болды.

Үшинши ойлап табыў жердиң мелиоративлик жағдайын жақсылайтуғын бентонит болып табылады. Соңғы жылларда Арал теңизи түбинен көп муғдардағы дузлар самал менен елимиздиң ўәлаятларына кең тарқалмақта. Топырақтың шорланыўы минерал төгинниң пайдалылық дәрежесин азайтады. Пахта өнимдарлығы аз дузланған жерлерде 10-15 процентке, орташа дузланған жерлерде 50 процентке, күшли дузланған жерлерде 75 процентке шекем азаяды.

Мине, сол жердиң дузланыўына қарсы гүресетуғын жаңадан ойлап табылған төгин-бентонит болып есапланады.

Қарақалпақстан аймағында кең тарқалған бентонит жердиң мелиоратив ҳәм физикалық-химиялық қәсийетин жақсылайды, өнимдарлықты арттырады. Егер нанбар (компост) сыпатында пайдаланылса, өсимликтиң раўажланыўына тәсири жоқары болады. Мәселен, 7-10 тонна тезекке 5-6 тонна бентонит араластырылып нанбар (компост) исленсе, пахта өнимдарлығы  4-5 центнерге артып, вегетация дәўири қысқарады. Бентонит қурамында тез сиңип кететуғын 30 ға шамалас макро-микро элементлер бар. Бентонит жердиң ызғарлығын сақлайды.

Аўыл хожалығында кең қолланылып атырған минерал төгинлерден аммофос, суперфосфат, аммофосфат ҳәм басқа да структуралық азотлы-фосфорлы төгинлер бүгинги заман талабына жуўап бермейди. Ислеп шығарылып атырған минерал төгинлердиң аўыл хожалығы егинлерине физикалық-химиялық тәсири төмен, яғный топырақ муғдарында тез ерип кетеди, пайдалылық дәрежеси аз. Дүнья илимпазлары аўыл хожалығы егинлерине ҳәр жылы минерал төгинлер бериў жердиң шорланыўына ҳәм атмосфераның, ықлымның өзгериўине үлкен тәсир ететуғынын илимий жақтан дәлийллемекте. Аўыл хожалығындағы үзликсиз химияластырысыў ҳәм минерал төгинлерден үзликсиз түрде пайдаланыў ақыбетинде атмосферада карбонат ангидрид гази, метан ҳәм азот газлери жыйналмақта, топырақтың суўсызланыў процеси артпақта.

Мағлыўмат ушын, илимде атап өтилиўинше, 1960-жыллардан берли Қарақалпақстанда 1 гектар жерге ҳәр жылы  550 килограм, айырым жерлерге 1 тонна дуз түседи. Бул дузлар Арал теңизиниң қурғап қалған түбинен көтерилген зәҳәрли шаң-тозанлар болып табылады.

Бул төгинлер өндириске кеңнен енгизилсе, елимизге миилионлаған қаржы жумсап шет елден импорт етилип атырған төгинлер көлеми кескин азаяды. Соның менен бирге, ең әҳмийетлиси, экологияны жақсылаўға, жердиң өнимдарлығын буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.  

А.НАСИРЛАЕВ,

ӨзАның хабаршысы