Президент Шавкат Мирзиёев Самарқандқа сапары шеңберинде «Ширин» массивиниң мастер режесин презентациясы менен танысты.

Бул мәҳәлле халықаралық аэропорттың жанында, Зарафшан дәрьясы жағасында жайласқан. Кейинги жылларда Самарқандта әмелге асырылған дөретиўшиликке мүнәсип тәризде бул аймақта заманагөй массив қурылысы режелестирилген. Буның ушын 389 гектар жер ажыратылған.

Жойбарға бола, массивте көп қабатлы турақ жайлар, мектеп ҳәм балалар бақшалары, поликлиникалар, спорт майданлары ҳәм кеўилашар орынлар болады. Ири бизнес ҳәм саўда комплекслери экономиканың раўажланыўына, жумыс орынларының көбейиўине қосымша импульс береди. Массивти қала менен байланыстыратуғын көпир ҳәм жоллар, инфраструктура ҳәм коммуникация тармақлары қурылады.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарды алдынғы қала қурылысы тәжирийбеси тийкарында жетилистириў, социаллық хызметлерди көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.




ӨзА