Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қатар Мәмлекетиниң Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний 56-июнь күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болды.

Еки мәмлекет арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 25 жылдан аслам ўақыт өткен болса да дәслепки рет әмелге асырылған бул мәмлекетлик сапарға кейинги жылларда жедел раўажланып баратырған бирге ислесиў нәтийжеси сыпатында айрықша итибар қаратылды. Тәреплер сапарға оғада үлкен таярлық көрди, қол қойылатуғын салмақлы ҳүжжетлер топламы таярланды.

Қатар Мәмлекетиниң Әмирин 5-июнь күни Самарқанд халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысы күтип алды. Уллы мәртебели мийманға жоқары ҳүрмет көрсетилди.

Сапардың тийкарғы илажлары 6-июнь күни Самарқанд қаласында Қатар басшысын рәсмий күтип алыў мәресими менен басланды.

Конгресс орайы алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Өзбекстан Президенти жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алды ҳәм минберге мирәт етти.

Әскерий оркестр еки мәмлекет гимнлерин атқарды.

Мәмлекет басшылары ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегация ағзаларын қутлықлады.

Буннан кейин Конгресс орайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қатар Мәмлекетиниң Әмири шайх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң жоқары дәрежедеги сөйлесиўлери болып өтти.

Сиясий сөйлесиў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды буннан былай да раўажландырыў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў алдынан Қатар Әмири мәмлекетимиз басшысына сапар менен келиў усынысы ҳәм Қатар делегациясына көрсетилип атырған жыллы ҳәм қызғын қабыллаў ушын миннетдаршылық билдирди.

Дипломатиялық қатнасықлар тарийхында бириншиси болған бул жоқары дәрежедеги сапар еки тәреплеме бирге ислесиўде жаңа басқышты баслап беретуғыны ҳәм оны кең көлемли шериклик дәрежесине көтериўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

– Биз Қатарды тек ғана Жақын Шығыс регионда емес, ал пүткил араб-мусылман дүньясында өзимиздиң перспективалы шеригимиз сыпатында билемиз. Сиз бенен кейинги жылларда сөйлесиўлеримиз себепли қатнасықларымызда үлкен жылжыў бақланбақта, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы жылы Ташкент қаласында Қатар елшиханасының ашылғаны еки тәреплеме бирге ислесиўди жедел алға қойыўда әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди. Қатар тәрепи Доҳада Өзбекстан елшиханасының ашылыўы бул процесске күшли пәт бағышлайтуғынына исеним билдирди.

Тәреплер өз-ара саўда көрсеткишлерин буннан былай да жақсылаў, қоспа инвестиция жойбарлары ҳәм саўда шәртнамаларын әмелге асырыўға таяр екенин атап өтти.

Қатардың жетекши компаниялары энергетика, газ-химия санааты, аўыл хожалығы, инфраструктура, логистика, туризм ҳәм басқа да тармақларда улыўма баҳасы 12 миллиард доллардан аслам ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда қатнасыўы бойынша келисимге ерисилди.

Перспективалы жойбарларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы жыл сентябрь айында Өзбекстан – Қатар инвестициялық форумын өткериў ҳәм қоспа жойбарларды қаржыландырыў механизмлерин жаратыў мәселесин көрип шығыў усыныс етилди.

Мәмлекет басшылары Орайлық Азияны Қолтық мәмлекетлери менен байланыстыратуғын ең қысқа, исенимли ҳәм қәўипсиз коридорларды қәлиплестириў әҳмийетли екенин атап өтти.

Мәденият, билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы алмасыўларды жеделлестириўге қаратылған ҳәрекетлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, соның ишинде, биргеликте мәденият күнлери, концерт бағдарламалары, көргизбелер, өнерментшилик ҳәм аспазлық презентацияларын өткериўге келисип алынды. Мәмлекетлеримиз пайтахтлары арасында жолға қойылыўы режелестирилип атырған турақлы авиақатнаўлар исбилерменлик байланыслары ҳәм өз-ара туристлер ағымының артыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.

Глобаллық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты. Тәреплер Аўғанстанға прагматикалық сиясат жүргизилиўи, мәмлекет экономикасын қоллап-қуўатлаў ҳәм аўған халқына инсаныйлық жәрдеми көрсетилиўи әҳмийетли екенин атап өтти.

Усы мәнисте, Трансаўған темир жолын қурыў бойынша стратегиялық жойбарды әмелге асырыўды биргеликте алға қойыў перспективалары көрип шығылды.

Ушырасыў соңыңда шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний мәмлекетимиз басшысын Қатарға сапар менен келиўге мирәт етти.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмақланғаннан кейин, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қатар Мәмлекетиниң Әмири шайх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң қатнасыўында саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қаратылған 15 еки тәреплеме ҳүжжетке қол қойыў мәресими болып өтти.

Соның ишинде, төмендегилер қабыл етилди:

– Инвестицияларды өз-ара хошаметлеў ҳәм қорғаў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

– Еки тәреплеме салыққа тартыўдың алдын алыў ҳәм дәрамат және мүлк салықларын төлеўден бас тартыўды сапластырыў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

– Бажыхана жумысларында өз-ара жәрдем көрсетиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

– Мийнет қатнасықлары тараўында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

– Дипломатиялық паспорт ийелерин виза талапларынан азат етиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

– Жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер тараўында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық меморандум;

– Мәденият тараўында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық меморандум;

– Саўда тараўында бирге ислесиў ҳаққында меморандум;

– Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тараўында бирге ислесиў ҳаққында  меморандум;

– Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў тараўында бирге ислесиў ҳаққында  меморандум;

– Спорт ҳәм жаслар ислери тараўында бирге ислесиў ҳаққында  меморандум;

– Ташкент ҳәм Доҳа қалалары арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандум.

Сондай-ақ, сыртқы ислер ҳәм әдиллик министрликлери арасында 2023-2025-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламалары ҳәм Тийкарғы инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын қоспа платформа жаратыў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қатар Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний Самарқандтағы Конгрес орайының бағында биргеликти терек екти.

Бул Өзбекстан менен Қатар арасындағы көп тәреплемели қатнасықларда жаңа басқыш басланғаны ҳәм жетекшилердиң халықларымыз дослығын беккемлеў жолындағы исенимли умтылысының белгиси болып есапланады.

Соның менен Қатар Мәмлекетиниң Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның хабаршылары