Усы жылдың 21-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен Медицина тараўы хызметкерлериниң мәдений дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, халқымызға медициналық хызмет көрсетиў, пуқаралардың саламатлығын беккемлеў, саламат әўладты камалға келтириў бағдарында тараў пидайыларының хызметлери жоқары екенлигин атап өтти.

Атап өтилгениндей, халқымызға сапалы медициналық хызмет көрсетиў, наўқаслығы бар пуқаралардың денсаўлығын беккемлеў, аналар ҳәм балалардың денсаўлығына айрықша кеўил бөлиў, ертеңги келешегимиз болған жаслардың саламат болып камалға келиўин тәмийинлеў бағдарында медицина тараўының барлық буўынларының атқаратуғын хызмети айрықша.

Концерт бағдарламасы даўамында усындай ийгиликли жумысларды инабатлы атқарып киятырған бир қатар тараў хызметкерлерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Миннетдаршылық хаты ҳәм баҳалы саўғалар салтанатлы түрде тапсырылды.









Илаж көркем өнер хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги