Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-май күни Сиань қаласында «Орайлық Азия – Қытай» биринши саммитинде қатнасты.

Қытай Халық Республикасы басшысы Си Цзиньпинниң басшылығында өткен илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиўге байланыслы сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер додаланды.

Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде саммит әсирлер даўамында пүткил Евроазияның цивилизациялық раўажланыўында, өз-ара байланыслығы ҳәм раўажланыўында әҳмийетли фактор болған Уллы Жипек жолының басланыў ноқаты болып хызмет еткен әййемги Сиань қаласында өтип атырғаны рәмзий мәниге ийе екенлигин атап өтти.

Бул ушырасыў қурамалы халықаралық жағдай шараятында үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

– Пандемия сынақларын жеңип өткен мәмлекетлеримиз глобал көлемде исеним кризисиниң унамсыз ақыбетлерине дус келди.

Орайлық Азия ушын әҳмийетли болған әдеттеги транспорт-логистика шынжырларында сезилерли үзилислер, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлиги ушын қәўип-қәтерлер, инфляция импортының өсип баратырғаны артынан социаллық кескинлик қәўип-қәтерлери ҳәм басқа да машқалалар бизден және де тығыз муўапықласыўды ҳәм әмелий бирге ислесиўди талап етпекте,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Бүгин Орайлық Азия қарым-қатнас ҳәм кең көлемли бирге ислесиў ушын ашық, аўызбиршиликли ҳәм күшли регион екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ҳәрекетлерди және де муўапықластырыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде Өзбекстан Президенти саўда, инвестиция, транспорт ҳәм гуманитар тараўлардағы регионаллық шерикликти узақ мүддетли күн тәртиби, перспективалы реже ҳәм ўазыйпалар тийкарында раўажландырыў бойынша бир қатар усыныслар менен басламаларды алға қойды.

Стратегиялық көзқараслар, комплексли усыныслар менен шешимлерди, регионаллық ҳәм глобал көлемдеги түпкиликли өзгерис жасайтуғын жойбарларды ислеп шығыў мақсетинде алты мәмлекеттиң жетекши «ақыл» орайлары арасында бирге ислесиўди жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Оны додалаў ушын майдан сыпатында келеси жылы Самарқандта Миллий раўажланыў стратегияларын өз-ара байланыстырыў мәселелери бойынша халықаралық экспертлер конференциясын өткериў усыныс етилди.

Президентимиз регион еллериниң турақлы раўажланыўы ушын зәрүр шараятларды қәлиплестириў, онда тийкарғы итибарды кәмбағаллыққа қарсы нәтийжели гүресиўге қаратыў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

– Аймақларда, бәринен бурын, аўыллық жерлерде турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм оларды раўажландырыў бойынша анық ўазыйпалардан ибарат биргеликтеги бағдарламаны қабылласақ ҳәм әмелге асырсақ, бул халықларымыз тәрепинен қоллап-қуўатланатуғынына ҳәм 2030-жылға шекемги күн тәртибиниң мақсетлерине ерисиўге улыўмалық үлесимиз болатуғынына исенемен,-деди Өзбекстан жетекшиси.

Мәмлекетимиз басшысы Жаңа экономикалық қарым-қатнасты қәлиплестириў ҳәм өз-ара байланыслылықты күшейтиў, 2030-жылға барып регион еллериниң Қытай менен товар алмасыў көлемин еки есеге арттырыў басламасын алға қойды.

Бул ўазыйпаны санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин өз-ара жеткерип бериўди турақлы арттырып барыў, нәтийжели саўда-логистика инфраструктурасы ҳәм заманагөй көтере-бөлистириў тармақлары, «жасыл» ҳәм экспресс коридорлар, электрон коммерция ушын улыўмалық платформаларды жолға қойыў арқалы жүзеге шығарыў усыныс етилди.

Қолайлы шараятлар ҳәм зәрүр ҳуқықый тийкарларды қәлиплестириў ушын Өз-ара саўдаға жәрдемлесиў ҳәм инвестицияларды хошаметлеў ҳаққында көп тәреплеме келисимди қабыллаў имканиятын көрип шығыў усынысы билдирилди.

Президентимиз қатнасыўшылардың итибарын санаат кооперациясын кеңейтиў, санлы технологияларды тартыў ҳәм инновацияларды енгизиў мәселелери Қытай провинциялары менен тиккелей аймақлар аралық байланыслар арқалы нәтийжели шешилиўи мүмкин екенлигине қаратты.

Усындай әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў, дослық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеў мақсетинде усы жылы Өзбекстанда алты мәмлекет қала ҳәм аймақларының форумы ҳәм көргизбесин өткериў усыныс етилди.

– Қытайды регионымыз бенен байланыстыратуғын, Европа, Жақын Шығыс ҳәм Африкаға алып шығатуғын ҳәм ең қысқа транспорт жолларын раўажланлырыў стратегиялық әҳмийетке ийе. Уллы Жипек жолын қайта тиклеўде Транс-Евроазия магистралының жойбары үлкен әҳмийетке ийе болып, «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан» автомобиль ҳәм темир жоллары болса оның әҳмийетли қурамлық бөлеги болады,-деди Президент.

Транспорт коммуникацияларын раўажландырыў бойынша миллий бағдарламаларды өз-ара байланыстырыў ҳәм сол тийкарда узақ мүддетли бирден-бир стратегияны ислеп шығыў биринши гезектеги ўазыйпа екени көрсетип өтилди.

Климат күн тәртиби ҳәм «жасыл» энергетика мәселелери бойынша бирге ислесиўге айрықша итибар қаратыў усыныс етилди.

Тилекке қарсы, Орайлық Азияда энергетикалық структураның раўажланыў пәтлери индустриалласыў ҳәм урбанизациялаў пәтинен, демографиялық өсиўден артта қалмақта. Бүгин бул мәмлекетлеримиздиң узақ мүддетли турақлы раўажланыўы ушын оғада аўыр қәўип пайда етеди,-деди Өзбекстан басшысы Шавкат Мирзиёев.

Қытай қуяш, самал ҳәм суў энергетикасында технологиялық жақтан жетекши екенин ҳәм ҳәзирги қаржы механизмлерин есапқа алып, қолайлы энергетикада және де тығыз илимий-әмелий шерикликти жолға қойыў усынысы алға қойылды.

Буннан тысқары, Аралбойының экологиялық машқалаларын шешиў, био ҳәртүрлиликти қорғаў, музлықлар ҳәм топырақты сақлаў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўде нәтийжели бирге ислесиўге умтылыў билдирилди.

Өзбекстан Президенти Қытайдың Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Уставының қәўипсизлик бөлимине ҳәм тыныш раўажланыў принциплерине тийкарланған глобал басламасын қоллап-қуўатлап, бүгинги күнде регионымызда турақлылық ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша қәлиплескен қарым-қатнасты жоқары баҳалады.

– Шанхай бирге ислесиў шөлкеми шеңбериндеги Қарым-қатнас топары ҳәм Аўғанстанға қоңсы мәмлекетлердиң сөйлесиўинен өз-ара келисилген позицияны ислеп шығыў ҳәм усы мәмлекетте гуманитарлық апатшылыққа жол қоймаў илажларын көриў ушын толық пайдаланыў зәрүр, деп есаплаймыз,-деди Өзбекстан жетекшиси.

Гуманитарлық алмасыўлар, көргизбелер, концерт ҳәм дөретиўшилик сапарлар, биргеликтеги спорт илажларын турақлы өткериўди даўам еттириў, оларға жасларды тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен келеси жылы Жас талантлар форумын биргеликте өткериў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы сөзин жуўмақлап, мәмлекетлеримиз стратегиялық шерик ҳәм исенимли дослар екенин атап өтти.

– Халықаралық қатнасықларда келиспеўшиликлер ҳәм түсинбеўшиликлер күшейип баратырған ҳәзирги шараятта биз бир-биримизди қоллап-қуўатлап атырмыз ҳәм халықларымыз ушын абадан келешек қурып атырмыз,-деди Президент.

Усы мәниде Қытай тәрепиниң Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай арасындағы дослық ҳәм шерикликти беккемлеў ушын бундай ушырасыўларды турақлы өткерип барыў басламасы қоллап-қуўатланды.

Бүгинги саммиттиң пайдалы нәтийжелери жақсы қоңсышылық қатнасықлары ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўдиң беккемлениўине, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың раўажланыўына хызмет ететуғынына исеним билдирилди.

Мәжилис жуўмағында мәмлекет басшылары «Орайлық Азия – Қытай» саммитиниң Сиань декларациясына қол қойды ҳәм биргеликтеги баспасөз әнжуманын өткерди.

Саммит илажлары жуўмақланғаннан соң, жетекшилер тәрепинен мәмлекетлеримиздиң дослығы, жақсы қоңсышылығы, раўажланыўға уқсас умтылысларының белгиси сыпатында биргеликте терек егиў мәресими болып өтти.

ӨзА