Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Өзбекстан жеринде екинши рет өткерилип атырған кәмбағаллықты қысқартыў бойынша халықаралық форумда қатнасып атырған Сиз, әзийз мийманларды қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң терең ҳүрметимди билдиремен.

Ҳәзирги қәўип-қәтерли дүньяда кәмбағаллықты қысқартыў мәселеси алдымыздағы ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири екенин бәршемиз жақсы аңлап турмыз.  Бул машқалаға алдынғы тәжирийбе ҳәм жаңа көзқараслар тийкарында биргеликте шешим табыў және оларды турмысқа избе-из енгизиў бүгин ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып табылады.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясында Өзбекстан тәрепинен алға қойылған баслама шеңберинде өткерилип атырған бул конференция кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған жаңа идеялар ҳәм әмелий илажлар ислеп шығыў бойынша пайдалы халықаралық сөйлесиў майданына айланды, деп айтыўға барлық тийкарлар бар.

Бул платформа мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў мақсетинде баслаған әҳмийетли реформаларымызды және де байытып, үлкен унамлы өзгерислерге мүнәсип үлес қосып келмекте. Буның айқын мысалы сыпатында өткен бир жылда мәмлекетимизде кәмбағаллық дәрежеси 17 проценттен 14 процентке төменлеп, 1 миллион пуқара кәмбағаллықтан шығарылғанын айрықша атап өтиў керек.

Бундай нәтийжелерге ерисиўимизде халықты заманагөй кәсип-өнерге оқытыў, оларға мүнәсип жумыс орынларын жаратыў, исбилерменликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған системалы ҳәм узақты гөзлеген сиясатымыз шешиўши фактор болмақта.

Мәҳәллелерде социаллық хызметлер көлемин кеңейтиў арқалы мәмлекетимиздеги 2 миллион 300 мыңнан аслам мүтәж шаңарақлар, ҳаял-қызлар, жалғыз баслы кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар социаллық қорғаў менен толық қамтып алынды.

Тарийхымызда биринши рет улыўмахалықлық референдум арқалы қабыл етилген жаңа редакциядағы Конституцияда Өзбекстан социаллық мәмлекет, деп жәрияланып, инсан кәдирин және де улығлаў ҳәм халықты социаллық қорғаў бойынша мәмлекеттиң конституциялық миннетлемелери айрықша белгиленип қойылды.

Сол себепли, кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында баслаған кең көлемли жумысларымызды жаңа басқышқа алып шығып, буннан былай да барлық бағдарларда «инсан – жәмийет – мәмлекет» принципи тийкарында реформаларды исенимли даўам еттиремиз.

Бәринен бурын, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыўдың «драйвери» болған жеке меншик сектор ҳәм исбилерменлик ушын ең қолайлы шараятларды жаратып бериў, оларды избе-из қоллап-қуўатлаў турақлы итибарымыз орайында болады. Атап айтқанда, жумыссыз пуқараларды оқытыў ҳәм жумысқа жайластырыў басламасын билдирген белсенди исбилерменлерге «социаллық контракт» системасы тийкарында қосымша жеңилликлер пакети бериледи.

Екиншиден, «социаллық реестр» системасы шеңберинде кәмбағал шаңарақларды индивидуал көзқарас тийкарында мәнзилли қоллап-қуўатлаў бағдарламаларын жедел даўам еттиремиз.

Үшиншиден, мәмлекеттиң социаллық миннетлемелерин толық әмелге асырыў мақсетинде майыплығы болған шахслар, ҳаял-қызлар, нуранийлар, айрықша итибарға мүтәж халық қатламларына мәҳәллениң өзинде жүзден аслам социаллық хызметлерди көрсетиў жолға қойылады.

Төртиншиден, мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў мақсетинде халық өзи таңлаған жойбарларға «ашық бюджет» системасы арқалы ажыратылып атырған қаржылар көлеми кескин көбейтилди.

Бесиншиден, инсан капиталын раўажландырыў ушын ҳәр бир шахстың сапалы билимлендириў ҳәм медицина хызметлеринен пайдаланыў ҳуқықларын әмелге асырыўға қаратылған жумысларымызды барған сайын кеңейтемиз.

Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!

Бүгинги форумға абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлерден 100 ден аслам белгили экспертлер келген бул мәселеге қызығыўшылық ҳәм итибар қаншелли үлкен екенин айқын көрсетип тур.

Әлбетте, Өзбекстан кәмбағаллықты қысқартыў бойынша өз алдына қойған жоқары шеклерди әмелге асырыўда дүнья жәмийетшилиги менен алып барып атырған тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўден мәпдар.

Форум шеңберинде ислеп шығылған жаңа көзқараслар ҳәм тәсиршең шешимлер келешекте әмелий турмыста нәтийжели енгизиледи, деп исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизге беккем денсаўлық, абырайлы ҳәм жуўапкершиликли жумысыңызда әўметлер, конференция жумысына болса үлкен табыслар тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти