Алдын хабар бергенимиздей,  20-май күни Аргентина мәмлекетинде футбол бойынша U20 сайланды командалары арасында жәҳән чемпионатына старт берилип, онда Равшан Хайдаров басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да қатнасады.

Футболшыларымыз чемпионаттағы өзиниң дәслепки ойынын 20-майдан 21-майға өтер ақшамда Ташкент ўақты менен саат 02:00 де майдан ийелерине қарсы өткереди.  Бул мақаламызда бизлер болажақ қарсыласымыз Аргентина сайланды командасы туўралы қызықлы мағлыўматларды айтып өтпекшимиз.

Аргентина U20 сайланды командасының ҳәзирги ўақыттағы бас тренери  бурын «Ливерпуль» ҳәм «Барселона» сыяқлы топ клубларда ойнап, дүньяға танылған футболшы Хавьер Маскерано болып табылады.  Өзиниң футболшылық карьерасын жақында ғана жуўмақлаған ол 2021-жылдың декабрь айынан берли Аргентина сайланды командасын басқарып келмекте. Енди команда футболшыларына тоқталатуғын болсақ,  дүньяға белгили Трансфермаркт порталының жазыўынша команданың ең қымбат ойыншысы Максимо Перроне болып, оның трансфер баҳасы 10 миллион евроны қурайды. Ҳәзир  2023-жылдың  23-январь  күни «Манчестер Сити» тәрепинен сатып алынған 20 жасар футболшы  «Велес Сарсфилд»  клубы академиясының  тәрбияланыўшысы болып есапланады.

Сондай-ақ, Аргентина жаслар сайланды командасы қурамында   Диего Валентин Гомес (4,5 млн евро), Агустин Жай (4 млн), Алехо Велис (4 млн), Матиас Суле (4 млн), Валентин Карбони (4 млн), Игнасио Мирамон (3 млн), Жино Инфантино (3 млн), Хуан Гауто (3 млн), Матео Танлонг (2,5 млн) ҳәм  Бриан Агирре (2 млн) киби футболшылар орын алған ҳәм олар «Барселона»,  «Интер», «Ювентус» ҳәм  «Спортинг»  сыяқлы атақлы командаларда ҳәрекет етип келмекте.

Улыўмалық  есапта  есаплайтуғын болсақ,  Аргентина сайланды командасы футболшыларының баҳасы 50 миллион евродан да асады.

Ал, Өзбекстан жаслар сайланды командасы футболшыларының улыўмалық баҳасы  2 млн евродан сәл көбиректи қурайды. Ҳәзирги ўақытта командадағы ең қымбат ойыншы Россияның «Рубин» клубында ойнап атырған Умарали Раҳмоналиев болып, оның трансфер баҳасы 350 мың евро деп белгиленген.  Сайланды командада өзиниң әжайып ойынлары менен көзге тасланып киятырған  Аббосбек Файзуллаев болса, 300 мың евро деп баҳаланған.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан жаслар сайланды командасы ойын өткеретуғын топарда Аргентинадан тысқары Гватемала ҳәм  Жаңа Зелландия сайланды командалары орын алған.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы