Президент Шавкат Мирзиёев мектепке шекемги билимлендириў системасын жетилистириў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде 30 мыңға шамалас мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 2 миллионнан аслам ул-қыз тәрбияланбақта. Кейинги бес жылда 422 мәмлекетлик бақша қурылысы ҳәм 21 мыңнан аслам мәмлекетлик емес мәкемелердиң ашылыўы есабынан 1 миллион 200 мың орын жаратылған. Системаға балаларды қамтып алыў көрсеткиши 72  процентке жеткен.

Соның менен бирге, орынларда өткерилген ашық сөйлесиўлерде жергиликли бақшаларды және де көбейтиў тилегин билдирген. Усыған тийкарланып, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў процесин жаңа тәртипте шөлкемлестириў бойынша усыныслар ислеп шығылған.

Презентацияда мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў, бақшаларда сапа ҳәм қамтып алыўды арттырыў, бул бағдарда алдынғы сырт ел тәжирийбелерин енгизиў илажлары ҳаққында мәлимлеме берилди. Атап айтқанда, халқы тығыз ямаса қамтып алыў көрсеткиши төмен болған аймақларда жаңа мәмлекетлик бақшалар қурылады ҳәм жеке меншик сектор кеңейтиледи. Кем қуўатлылықта жумыс ислеп атырған мектеплерде таярлаў топарлары шөлкемлестириледи.

Мәмлекетимиз басшысы бул тараў ҳаял-қызларға жеңиллик жаратыў ҳәм перзентлер тәрбиясында әҳмийетли екенине айрықша итибар қаратты.

Жуўапкерлерге билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, бағдарламаларды жетилистириў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик қатнасықларын жаңа басқышқа көтериў бойынша көрсетпелер берилди. Мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўды кеңейтиў бойынша бес жыллық бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА