Кеше Ташкент қаласында бокс бойынша жәҳән чемпионатының тоғызыншы күни өз жуўмағына жетти.

Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзаларынан 5 боксши шерек финал жолламасы ушын гүрес жүргизди. Атап айтатуғын болсақ,

51 кг салмақта Ҳасанбой Дўсматов  кубалы Эрислан Ромероны, 54 кгда Ойбек Жўраев албаниялы Ариол Зенелиди, 67 кгда  Асадхўжа Мўйдинхўжаев белоруслы  Кирил Самадурауды, 75 кгда  Аълохон Абдуллаев сербиялы Алмир Мемичти жеңген болса, 71 кг салмақтағы боксшимиз Саиджамшид Жафаров поэрто-рикалы Габриэль Лланостың рингке шықпағаны себепли келеси басқышқа жолламаны қолға киргизди.
Солай етип, Өзбекстан сайланды командасынан 11 боксши шерек финалға жетип келген болса, Шодиёр Мелиқўзиев ҳәм Жасурбек Йўлдошевлар жарысты ерте жуўмақлаўға мәжбүр болды.

Ал, бүгин жәҳән чемпионатының шерек финал беллесиўлери болып өтеди ҳәм онда жоқарыда атлары аталған 11 боксшимиз де рингке көтериледи.

Ҳәзирги күнге шекем сайланды командалар арасындағы ең жақсы көрсеткиш Куба сайланды командасында болып, олардан 12 боксши шерек финалға жетип келди. Буннан кейинги орынларды Өзбекстан, Россия ҳәм Қазақстанлы боксшилер ийелеп тур.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы